Сенатта Түркия Мийнет ҳәм социаллық қорғаў министри менен ушырасыў болып өтти

    7-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Түркия Республикасы Мийнет ҳәм социаллық қорғаў министри Ведат Ишикхан басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары барлық бағдарларда, соның ишинде, мийнет, социаллық қорғаў, билимлендириў, саўда, инвестиция ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў тараўларында избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

    Парламентлераралық қатнасықлар ҳаққында сөз етилип, соңғы жылларда парламентлер арасындағы турақлы сөйлесиў ҳәм өз-ара сапар етиўлер жеделлескени айрықша атап өтилди. Сапарлар шеңберинде бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылғаны ҳәм усы тәризде парламентлераралық байланыслар жаңа, әмелий басқышқа алып шығылғаны атап өтилди.

    Сондай-ақ, ушырасыўда мийнетти қорғаў, хызметкерлер ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, халықты бәнт етиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў, тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыў және усы бағдарларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў жуўмақлары бойынша еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары арасындағы бирге ислесиўди және де күйшейтиў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates