Додалаў процесинде сенаторлар кейинги жылларда елимизде жанылғы-энергия ресурслары менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, сондай-ақ, энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы жумысларды системалы түрде әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Сондай-ақ, тараўда нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, жанылғы-энергия ресурслары менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, электр ҳәм ыссылық энергиясынан ақылға уғрас пайдаланбаў, газден жанылғы ямаса шийки зат сыпатында пайдаланыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислеген шахсларды жуўапкершиликке тартыў илажларын жетилистириў бойынша тийисли илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди.
Бул нызам менен Жынаят кодексинде электр, ыссылық энергиясы, газ ҳәм суў қубырларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы анықсызлықларды сапластырыў, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыўда ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыў ҳәм бундай ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, үнемленген энергия ресурсларын санааттың басқа тармақларына бағдарлаў, олардың экспортын арттырыў ҳәм сол арқалы импорт үлесин қысқартыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.









