Айырым мәмлекетлерде адамлар ислам догмаларына қарсы деп есаплағаны ушын ҳәтте дәстүрий коммерциялық банклер хызметлеринен пайдаланбайды, финанслық алмасыўлардан узақ жүреди. Егер мәмлекетте ислам банклери болса, олардың клиентине айланыўы мүмкин. Бирақ бул түрдеги банклер ҳәмме мәмлекетте де ушырамайды. Гәп тек ғана ислам нормаларында емес, әпиўайы ғана ислам қаржысы оғада үлкен система ҳәм оны әмелиятқа енгизиў қатаң финанслық ҳәрекетлер, илимий тийкарлар ҳәм анық реформаларды талап етеди.
Өзбекстанда буған тийисли ҳәрекетлер 2020-жылдан кейин басланды. Сол ўақытта жас илимпазлардан бири менен сәўбетлескенимде, ислам финансын енгизиў ушын тараў қәнигелери, илимий көзқараслар зәрүр екенлиги, бул бир қанша ўақытты талап ететуғынын айтқан еди. Сондай болды да, бул бағдарда елимизде болып өткен бир неше жыллық үйрениў ҳәм таллаўлардан соң әмелий ҳәрекетлерге өтилмекте. Киши қәдемлер исенимли ҳәм үлкен қәдемлерге айланып бармақта. Енди мәмлекетимизге ислам финанс системасы кирип келе баслады. Ислам банклерин шөлкемлестириў жумыслары жеделлескен. Ҳәттеки 2027-жылы елимизде биринши ислам банки ашылыўы күтилмекте.
Бул ўазыйпа "Өзбекстан - 2030" стратегиясында анық белгилеп қойылған. Қалаберди, жақын мүддетлерде елимиздеги кеминде 3 коммерциялық банкте ислам финанс өнимлери жолға қойылады. Ислам финанс системасы ҳәм ислам банк жумысын енгизиў және раўажландырыў бойынша тийисли нызам да ислеп шығылған болып, усы жылы февральда Сенат тәрепинен тастыйықланды. Нызам Президент тәрепинен қол қойылғаннан соң күшке киреди.
- Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң қабыл етилиўи халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң альтернатив финанслық инструментлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, ислам финанслық хызметлери базарын раўажландырыў және мәмлекет экономикасына қосымша инвестиция тартыўға хызмет етеди, - дейди Орайлық банктиң ислам финансы бойынша жойбарлаў офиси бөлим баслығы Адҳамхон Ҳайдаров. - Гәп сонда, талап артып баратырған шараятта усыныслар соған жараса болыўы керек. Бүгин елимиз халқының банк ҳәм қаржы хызметлеринен пайдаланыў көрсеткишлери бираз жоқары ҳәм бул бағдарда усыныслар түрин арттырып барыўға талап та бар. Бундай шараятта халықаралық ислам қаржысы стандартларына муўапық жаңа түрдеги альтернатив банк хызметлерин енгизиў әҳмиетли қәдемлерден бири болады.
Тийисли нызам менен ислам банкиниң жумысы ушын айрықша лицензия енгизилмекте. Бунда, тийкарынан, еки модель нәзерде тутылған. Яғный әмелде ислеп атырған банклер де ислам банк жумысын әмелге асырыўшы лицензия арқалы бир ўақыттың өзинде еки жөнелисиндеги хызметлерди көрсетиўи мүмкин болады. Өз гезегинде, пүткиллей жаңадан шөлкемлестирилетуғын ислам банклери лицензия тийкарында жумыс баслайды. Бул бәсеки орталығына унамлы тәсир көрсетеди. Банклерде қарыйдарлардың қамтып алыныўын арттырыў бойынша бәсеки артып, халықта финанслық хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңейеди, исбилерменлик субъектлеринде де альтернатив финанс түрлери пайда болады. Буннан реал сектор унамлы нәтийже көриўи мүмкин.
Дурыс, ислам банклерин шөлкемлестириў бойынша процесслер басланғанына бир неше жылдан асты, бирақ бул механизмди енгизиў көпшилик ойлағандай аңсат емес. Бул қатаң экономикалық таллаў ҳәм үйрениўлерди талап етеди. Биринши гезекте, оның ҳуқықый тийкарлары жаратылыўы зәрүр. Сонлықтан, қабыл етилиўи күтилип атырған нызам менен әмелдеги 2 кодекс ҳәм 7 нызамға ислам банк жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилейтуғын жаңа нормалар киргизилмекте. Ҳүкиметтиң тийисли тапсырмасы менен Өзбекстанда ислам финансын енгизиў бойынша жойбар басқарыў режеси де ислеп шығылған. Нызам күшке киргеннен соң, әҳмийетли әмелий ҳәрекетлерге өтиледи.
Процентлер болмайды
Демек, Өзбекстанда ислам банклерин шөлкемлестириў басланбақта. Дурыс, бул бағдардағы хабарлар бир неше жыл бурын пайда болған ҳәм оның әмелге асыўын күтип атырғанлар көп. Адамлардың биразы ислам банклери ҳаққында еситкен болса да, көпшилиги бул финанс механизми бойынша анық түсиникке ийе емес. Сол себепли, ҳүкимет тәрепинен қабыл етилген жойбар басқарыў режесинде халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ислам финансы тараўындағы саўатлылығын арттырыў, ислам банкиниң өнимлери ҳәм хызметлериниң мазмунын түсиндириўге қаратылған кең көлемли финанслық үгит-нәсиятлаў ўазыйпалары белгиленген.
Бунда қәнигелер халық ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиўлер даўамында ислам банкирлиги ҳәм оның инструментлериниң әмелиятта қолланылыў өзгешеликлери ҳаққында түсиниклер бере баслады. Себеби, мәмлекетимизде ислам шөлкемлери менен беккем бирге ислесиў орнатылған болса да, бул биз ушын салыстырмалы жаңа бағдар есапланады. Бирақ әмелият бизге кирип келди ҳәм ертең адамлар ислам банк хызметлери ҳаққында белгили түсиниклерге ийе болыўы керек. Бул ҳаққында сөз болғанда, көпшилигимиздиң ислам қаржысы өзи не, ол қалай ислейди, тек ғана шәрият талаплары тийкарында жумыс алып барыўы рас па, деген сораўлар туўылады.
- Әпиўайы етип түсиндиргенде, ислам финансы ислам дини талаплары шеңберинде жумыс алып баратуғын финанс системасы болып есапланады, - дейди халықаралық категориядағы шәрият мәсләҳәтшиси ҳәм аудитори Иродахон Орипова. - Шәрият системасы бизге тек ғана Аллаға ибадат етиў емес, ал инсан турмысының барлық тараўлары, атап айтқанда, экономикалық турмысты тәртипке салыў ҳәм машқалаларды шешиў илимин де үйретеди. Бирақ ислам финансының өз талаплары бар. Оның тийкарғы принциплеринен бири рибо (процент) ҳәм де ғарар (тәўекелшилик) ның қадаған етилиўи. Яғный ислам финанс системасы пайда ҳәм зыянды бөлисиў ҳәм реал активлерге тийкарланған қаржыландырыўды нәзерде тутады. Заманагөй банк системасынан парықлы түрде, онда пайда шерикликке тийкарланады. Яғный банк қарыйдардың талабы ҳәм финанслық өнимлердиң түрине қарап әсбап-үскене, товар, шийки зат алып бериўи ямаса оларды ижараға бериўи мүмкин. Бул қаржыландырыў тийкарында саўда әмелияты жатады. Демек, банк ҳәм қарыз алыўшы жойбардың табысы ҳәм нәтийжелилигинде тең ҳуқықлы болып, пайдада да, зыянда да мәпдар шериклерге айланады.
Мәселен, исбилермен жаңа жумыс басламақшы, бирақ қаржысы жоқ. Ислам банки менен шәртнама дүзип, керекли сумманы алғаннан соң еки тәреп теңдей шерикке айланады. Болажақ пайда жетписке отыз, елиўге елиў ҳәм тағы басқа тәризде өз ара келисим тийкарында алдын ала анық белгилеп алынады. Егер пайда болмаса, банк ҳеш нәрсе алмайды. Бирақ банк исбилерменниң пайда көриўи ушын мәсләҳәт ҳәм басқа да жәрдемлер берип барады, исбилерменниң шериги болады. Улыўма, ислам банкирлиги жүдә үлкен түсиник ҳәм оның механизмлери көп.
Бундай мағлыўматлар, әсиресе, исбилерменлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Өзбекстан банклери ассоциациясында бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өткерилип атырған оқыў семинарлары даўамында бул айқын көзге тасланбақта. Оларда жүзлеген исбилерменлер қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алмақта.
Сурхандәрьялы Насиба Нармуродова шаңарақлық жеке меншик клиникалар тармағын басқарады. Оның айтыўынша, ўәлаяттың үш районында жеке меншик клиникалар жумысын жолға қойған. Енди Термиз қаласында да клиника ашыў ҳәрекетинде. Өзи мақсет еткен имарат болса тийисли банк балансында болып, ҳаял гиреўи жоқлығы себепли оны сатып ала алмай атыр. Елимизде ислам банклери иске қосылса, бул бағдарда исбилерменге қандай жәрдем бере алыўы мүмкин екенлиги менен қызықты. Қәнигелердиң түсиндириўинше, бундай жағдайда ислам банки имаратты өзи сатып алып, исбилерменге лизинг тийкарында береди. Қаржы айма-ай төленеди, соңында имарат толық исбилерменниң қарамағына өткериледи.
Және бир исбилермен болса көбинесе мүддетли төлем тийкарында кредитке саўда ететуғыны, бул ислам қағыйдаларына қаншелли сәйкеслиги, адамлардан Мәжбүрий орынлаў бюросы арқалы алдыннан төлем өндириў мүмкин яки мүмкин емеслиги ҳаққында сорады. Бул бағдарда ислам банкирлиги қандай усыныслар бере алыўы менен қызықты.
Исбилерменлер менен сәўбетлескенимде, көпшилиги ислам қаржысы ҳаққында тек ғана интернет арқалы айырым нәрселерди оқығанлығы, бул бойынша анық түсиниги жоқлығы, бирақ билиўге қызығыўшылығы ҳаққында айтты. Егер келешекте хызмет шәртлери мақул келсе, пайдаланыўын билдирди.
- Ислам қаржысы ҳәм банклери Өзбекстан ушын жаңа тәжирийбе. Дурыс, бул әмелият көплеген мәмлекетлерде ғалаба ен жайғаны ҳаққында еситкенбиз, бирақ тәжирийбеде оннан дерлик хабарымыз жоқ, - дейди Американың “Astorius NRG” компаниясының Өзбекстандағы диллерлик кәрханасының қәнигеси Шуҳрат Ғаниев. - Соның ушын бул темаға байланыслы мағлыўматлар бизге қызық болмақта. Қалаберди, елимизге ислам банкирлиги әсте-ақырын кирип киятырғаны қуўанышлы. Бул банк бағдарында халыққа берилетуғын усыныслардың түрин арттырады. Мәселен, бизиң кәрханамыз Қытайда ислеп шығарылатуғын қуяш панеллерин алып келип, орнатып бериў менен шуғылланады. Ҳәзирги ўақытта қарыйдарларға мүддетли төлемлер тийкарында панель сатып алыўды усына алмаймыз, себеби қаржылай имканиятымыз жоқ. Бул бағдарда ислам банклери менен бирге ислесиўимиз мүмкин. Түсиниўимше, олар бизге процентке қарыз бермейди, ал шериклик тийкарында ислейди. Көрилетуғин пайда келисим тийкарында белгили пропорцияларда бөлистириледи. Егер бул бизге туўра келсе, келешекте әлбетте бирге ислесиўди гөзлегенбиз.
Ислам банклеринде де пайда көриў бар, бирақ...
Әлбетте, мақул келсе. Яғный ислам банклери де, әпиўайы коммерциялық банклер де өз талаплары шеңберинде усыныс береди, адамлар болса өзине мақулын таңлайды. Ислам банклериниң пайда болыўы дәстүрий коммерциялық банклердиң жумысына қатаң қәўип болып, клиентлер ислам принциплерине тийкарланған финанслық хызметлерди көбирек абзал көреди, деген түсиниклер де жоқ емес. Бирақ бул адамларға берилетуғын финанслық усынысларды шеклеў кереклигин аңлатпайды, керисинше, усыныс түри қанша көп болса, хызметлердиң сапасы сонша артып барады. Бул еркин базар экономикасы ҳәм саламат бәсеки принциплеринен бири.
Ашығын айтыў керек, бир неше жыл алдын елимизде ислам банклерин шөлкемлестириў ҳаққында айтылғанда, көпшилик оған исенбеген еди. Дүньялық мәмлекетте толық шәрият қағыйдалары тийкарында ислейтуғын банклерди шөлкемлестириў итималдан алыс болып, аты ислам банки болса да, әмелде дәстүрий финанс шөлкемлериндеги сыяқлы хызметлер көрсетилиўи бойынша пикирлер де жоқ емес. Бирақ ислам финансын ҳәзирги талаплар тийкарында енгизиўге биз ойлағанымыздан да қатаң итибар қаратылмақта. Тек ғана атамасы емес, ал талап ҳәм механизмлери де ислам қағыйдаларына бейимлестирилетуғыны атап өтилмекте.
Ҳәттеки, Өзбекстан мусылманлары басқармасы Фатво орайында бухгалтерия, аудит тараўлары бойынша қәнигелер усы бағдарда ислемекте. Олар тәрепинен елимизде шөлкемлестирилетуғын ислам банклери ушын тийкар етип алып атырған стандартлар мине усы халықаралық нормалар тийкарында ислеп шығылмақта.
- Ҳәр бир ислам банкинде шәрият кеңеслери шөлкемлестириледи ҳәм Фатво орайы қәнигелеринен ибарат ағзалар топары жумыс процесслеринде тиккелей қатнасады, - дейди Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Фатво орайының бас қәнигеси Ҳикматилло Тоштемиров. - Олар исленип атырған жумыслардың шәрий норма ҳәм принциплерге муўапық екенлигин бақлап турады, мәсләҳәт ҳәм усыныслар береди. Әлбетте, ислам банклеринде де пайда көриў, деген принцип бар, бирақ бул шәрият қағыйдалары, нормаларына тийкарланады. Себеби ислам финансының тийкарында, бәринен бурын, ислам дини қағыйдалары туради. Яғный ҳадаллық, пәклик, ҳәмме нәрсениң ашық-айдынлығы, истиң ақыры жәнжелге бармаўы ушын қағыйдалар ислейди, процентлер болмайды. Банклер клиентлеринен алған пулы яки әмелге асырылган саўдадағы қаржыны шерикликке тикеди. Шерикликтен түсетуғын пайда болса келисим тийкарында белгиленеди. Негизинде бул қарым-қатнас адамлар арасында мың жыллардан берли исленип келинбекте. Ислам банклери болса буның заманагөй көриниси болып есапланады.
Елимизде ислам банкиниң қай дәрежеде жолға қойылыўы ҳаққында ҳәр қыйлы көзқараслар болыўы тәбийғый. Ҳәр қандай жаңа әмелият алдынан усындай болады. Бирақ, тийкарғысы, бул бағдарда исенимли қәдемлер тасланып ғана қалмастан, барлық зәрүр талапларға әмел етилиўине айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа нызам Президент тәрепинен қол қойылғаннан соң, оған және де кең жол ашылады.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.