Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-март күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаёнды туўылған күни менен қызғын қутлықлады.
Мәмлекетимиз жетекшиси БАӘ Президентине беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар, дос Әмирликлер халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи. Мәмлекет басшылары пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан айы мүнәсибети менен де бир-бирин қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл январь айында БАӘға әмелге асырған сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашып, оларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтергени айрықша атап өтилди. Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ушын өз алдына "жол картасы" қабыл етилди.
Жетекшилер Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп қырлы бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, қоспа кәрханалардың саны избе-из артып бармақта.
Бүгинги күнде 20 миллиард долларлық жойбарлар портфели шеңберинде Әмирликлердиң жетекши компаниялары менен "жасыл" энергетика, санластырыў, жасалма интеллект, қала қурылысы ҳәм инфраструктура, туризм, жеке меншик бизнес сыяқлы әҳмийетли бағдарларда жедел бирге ислесип келинбекте.
Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўиниң екинши саммитин өткериў мәселелери де көрип шығылды.