Гурбангули Бердимуҳамедов "Олий Даражали Дўстлик" ордени менен сыйлықланды

    Еки тәреплеме сөйлесиўлердиң жуўмағында Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы - "Олий Даражали Дўстлик" орденин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

    Мәмлекетимиз басшысы сыйлықты тапсырып, Гурбангули Бердимуҳамедовтың туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен хызметлерин айрықша атап өтти.

    - Туўысқан Түркменстанның барлық үлкен жетискенликлери, кең көлемли жаңаланыўлары ҳәм халықаралық майдандағы абырайының артыўы сизиң атыңыз бенен тығыз байланыслы, - деди Өзбекстан Президенти.

    Түркменстанда экономиканың турақлы өсиўи тәмийинленбекте, халықтың абаданлығы избе-из артпақта. Президентимиз Түркмен халқының миллий жетекшиси тәрепинен алға қойылып атырған глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолындағы халықаралық басламаларды айрықша атап өтти.

    Усы мүнәсибет пенен Гурбангули Бердимуҳамедовтың 2025-жылды "Тынышлық ҳәм исеним жылы" деп жәриялаў ҳаққындағы усынысы халықаралық көлемде кеңнен қоллап-қуўатланғаны атап өтилди.

    Түркменстан жетекшисиниң жеке ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан-Түркменстан қатнасықлары бүгинги күнде жоқары дәрежеге шыққаны, ҳақыйқатында да үлгили түс алғаны атап өтилди.

    - Жеке сизиң жәрдемиңиз бенен 2017-жылы мәмлекетлеримиз стратегиялық шериклигиниң беккем тийкары жаратылды, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Еллеримиз парламентлери, ҳүкиметлери, аймақлары, исбилерменлери, жәмийетшилиги, зыялылары ҳәм жаслары арасында жедел сөйлесиўлер, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша бағдарлама ҳәм жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәселен, кейинги жыллары товар алмасыў бир неше есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты.

    Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жоқары итибарға ылайық. Мәселен, өткен жылы Ашхабад ҳәм Ташкентте Мақтымқулының шығармаларының өзбек тилиндеги топламы таныстырылды, сондай-ақ, Ашхабад халықаралық кинофестивалында өзбек-түркмен көркем фильминиң премьерасы болып өтти.

    Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары сыйлығының тапсырылыўы көп миллетли халқымыздың белгили мәмлекетлик ғайраткер, бүгинги Түркменстанның миллий жетекшиси ҳәм архитекторы сыпатында оған болған қызғын ҳүрмет-иззетиниң көриниси болғаны атап өтилди.

    Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары сыйлығының тапсырылыўы көп миллетли халқымыздың белгили мәмлекетлик ғайраткер, бүгинги Түркменстанның миллий жетекшиси ҳәм архитекторы сыпатында оған болған қызғын ҳүрмет-иззетиниң көриниси болғаны атап өтилди.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates