Өзбекстан-Италия стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

2025-жыл май айында Самарқанд қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Товар алмасыў ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы өсип бармақта. Аймақлараралық, соның ишинде, Ломбардия менен алмасыўлар кеңеймекте. Өзбекстан пуқараларының шөлкемлескен мийнет миграциясы ушын квоталар ажыратылды.

Finopera, ANCI, Pietro Fiorentini, Danieli ҳәм басқа да компаниялар менен биргеликте ири санаат кооперациясы жойбарлары әмелге асырылмақта. Өткен жылдың ақырында Самарқандта Тушиа университетиниң филиалы ашылды.

Усы жылы сыртқы сиясий уйымлар ҳәм ҳүкиметлераралық стратегиялық қарым-қатнас мәжилислери, екинши Ректорлар форумы өткерилиўи режелестирилген.

Тоқымашылық санааты, геология, энергетика, химия, қурылыс материаллары, қаржы базары ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Италия кино күнлерин өткериў бойынша келисимге ерисилди. Өзбекстанның гезектеги Венеция биенналесинде қатнасыўы, быйыл Милан қаласында әмелий көркем өнер ҳәм экспонатлар көргизбесин өткериў режелери қоллап-қуўатланды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Бас министри Жорж Мелониди елимизге өз алдына сапар менен келиўге мирәт етти.