Соннан:
- регионаллық ҳәм глобал қәўипсизлик мәселелери бойынша көзқарасларды муўапықластырыў мақсетинде Самарқандта ТМШ сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлери басшыларының биринши қоспа ушырасыўын өткериўди усыныс етти;
- Стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы тез пурсатта қабыл етиўди қоллап-қуўатлады ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкемин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў басламасы менен шықты;
- Түркий мәмлекетлердиң экономикалық шериклик бойынша Турақлы кеңесин дүзиў ҳәм оның Жойбарлаў офисин Ташкентте жайластырыўды усыныс етти;
- Жаңа экономикалық имканиятлар мәканын қәлиплестирип, Түркий мәмлекетлердиң Санаат альянсы, "Түркий жасыл коридорлар" системасы ҳәм "Жасыл трансформация" консорциумын шөлкемлестириў басламасын алға қойды;
- Органикалық аўыл хожалығы бойынша Экспертлер топарын шөлкемлестириў ҳәм түркий органикалық өнимлердиң бирден-бир брендин жәҳән базарына алып шығыўды усыныс етти;
- Орта коридорды раўажландырыў ҳәм оны Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы және Трансаўған коридоры жойбарлары менен байланыстырыўды қоллап-қуўатлады, бажыхана тәртип-қағыйдаларын санластырыў ҳәм тарифлерди оптималластырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти;
- Түркий инвестиция қорының жумысын кеңейтиў және халықаралық ҳәм миллий финанс институтлары менен бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етти;
- Жасалма интеллект ҳәм креатив экономика бойынша "жол картасы"н қабыл етиў ҳәм Түркий дүнья халықаралық көргизбесин Өзбекстанда өткериў идеясын алға қойды;
- Өзбекстанда биргеликтеги изертлеўлер ҳәм инновациялар майданына айланатуғын Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң шөлкемлестирилетуғынын жәриялады;
- Экстремистлик ҳәм радикал идеологияға қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлер режеси ҳәм жаслардың экологиялық саўатлылығын арттырыў бойынша биргеликтеги илажлар ислеп шығыўды усыныс етти;
- 2026-жылы "Низамий Ганжавий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги - Түркий дүнья руўхый турмысында" атамасында халықаралық конференция өткериў басламасын алға қойды.




