Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров 18-март күни телефон арқалы сөйлести.
Жетекшилер жақынласып киятырған бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы - Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық-парахатшылық ҳәм абаданлық тиледи.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, логистика, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Транспорт-транзит ҳәм энергетика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша ири регионаллық жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери болажақ жоқары дәрежедеги үш тәреплеме ушырасыўға, сондай-ақ, Самарқанд қаласында өткерилетуғын "Орайлық Азия - ЕА" саммити ҳәм Ықлым форумына таярлық көриў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.