Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында Ли Чжэ Мён басшылығында Корея Республикасының интеллектуаллық ҳәм экономикалық қүдирети буннан былай да өсетуғынына, халықаралық майдандағы абырайы ҳәм статусы беккемленетуғынына исеним билдирди.
"Биз Корея Республикасы менен дослық ҳәм кең көлемли байланысларды жаңа басқышқа көтериўге айрықша итибар қаратамыз. Сизиң Президентлик дәўиринизде айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларымыз барлық тийкарғы тараўларда жедел раўажланатуғынына исенемен", - делинеди хатта.
Президентимиз мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы ҳәм узақ мүддетли қатнасықларды буннан былай да беккемлеў мақсетинде Ли Чжэ Мёнды өзине қолайлы ўақытта Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.









