Шерзод Асадов "Алтын қәлем" таңлаўының сыйлықлаў мәресиминде қатнасты

    27 маусым 2025 1288

    "Өзбекстан" әнжуманлар сарайында 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы және "Алтын қәлем" ХIХ Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

    Илажда Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

    Президентимиздиң кешеги пәрманы менен бир топар кәсиплеслеримиз Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды. Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева бул сыйлықларды өз ийелерине тапсырды.

    Сондай-ақ, илажда "Алтын қәлем" Миллий сыйлығының лауреатлары жәрияланды, жеңимпаз ғалаба хабар қураллары, журналист ҳәм блогерлер сыйлықланды. Бас сыйлыққа "Гулхан" журналының редакциясы миясар болды.

    Жоқары сыйлықлар ҳәм кәсиплик байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз кәсиплеслер, - деп жазады Президент баспасөз хаткери өзиниң Телеграм каналында.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates