Шерзод Асадов Россия Президентиниң баспасөз хаткери менен ушырасты

    Усы жылдың 28-май күни Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов Өзбекстан делегациясының Москваға сапары шеңберинде Россия Федерациясы Президенти Администрациясы Басшысының орынбасары - Президент Баспасөз хаткери Дмитрий Песков пенен ушырасты.

    Ушырасыўда мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиў ҳәм тараў ушын қәнигелер таярлаўдың әҳмийетли мәселелери ҳәм перспективалары додаланды.

    Мәмлекетлеримиз басшыларының баспасөз хызметлериниң жумысын муўапықластырыў, профессионал тәжирийбе ҳәм стратегиялық коммуникацияларға байланыслы көзқараслар алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тез өзгериўшең медиа орталық ҳәм санлы платформалардың әҳмийети артып атырған шараятта хызметкерлердиң маманлығын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Сондай-ақ, келешектеги айырым режелер, соның ишинде, мәлимлеме сиясаты ҳәм еки тәреплеме күн тәртибин медиа жағынан қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды иске қосыў мәселелери көрип шығылды. Ашық сөйлесиў, профессионал бирге ислесиў ҳәм шериклик байланысларын беккемлеўге умтылыў бирдей екени тастыйықланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates