Өзбекстан ҳүкимети Самарқанд қаласында 2025-жыл 24-ноябрьден 5-декабрьге шекем болып өтетуғын Жабайы фауна ҳәм флора қәўипи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция (CITES) Тәреплер конференциясының (COP20) болажақ 20-мәжилиси рәсмий логотипин усынды.

3-февраль күни Швейцарияның Женева қаласында CITES турақлы комитетиниң 78-мәжилиси шеңберинде Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги тәрепинен ислеп шығылған логотиптиң презентациясы болып өтти.

"COP20 логотипи Өзбекстанның жабайы қорғаўға садықлығының белгиси болып хызмет етеди. Ондағы ҳәр бир элемент регионымыз тәбияты, мәденияты ҳәм тарийхы арасындағы үзликсиз байланысты сәўлелендиретуғын айрықша мәниске ийе, -деди илаждың ашылыўында шығып сөйлеген Экология министри Азиз Абдуҳакимов. - Өзбекстан биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаўға байланыслы глобаллық машқалаларды додалаў ушын әҳмийетли платформа болған COP20ға мийман болыўдан мақтанады. Болажақ ушырасыў халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм жабайы тәбиятты қорғаўдың әмелий механизмлерин ислеп шығыў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемиз".

Усынылған логотипте Өзбекстан миллий тәбийий ҳәм мәдений мийрасының бир неше элементлери: архар (таў қойлары) сүўретленген әййемги петроглиф, родиола семёнова (rhodiola semenovii) дәрилик өсимлиги ҳәм CITES COP20 көргизбеси өткерилетуғын тарийхый Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық орынлары сәўлеленген. Орта Азияның таўлы аймақларында ушырасатуғын CITES II қосымшасына киретуғын архарлардың тас оймакерлиги сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астында турған сақлаў зәрүрлигин еслетеди және тәбият ҳәм регионның тарийхый мийрасы арасындағы байланысты көрсетеди. Дәрилик өсимликтиң гүллери өсимлик дүньясының экосистемасындағы әҳмийетли ролин ҳәм оның инсан саламатлығы ушын әҳмийетин атап өтеди. Ҳәзирги ўақытта дүньяның ең әййемги қалаларынан бири болған Самарқандтың дыққатқа ылайық орынлары Өзбекстанның бай тарийхы, мәденияты ҳәм миймандослығын сәўлелендиреди. Қала тек ғана ушырасыў өткерилетуғын орын емес, ал өтмиш ҳәм келешек арасындағы көпир болып, мәдений ҳәм экологиялық мийрастың бирлиги белгиси болып есапланады.

Ушырасыўда шығып сөйлеген CITES Бас хаткери Ивонн Игуэро ханым болса Өзбекстан ҳүкиметин табыслы логотип пенен қутлықлады.

"Өзбекстанның әжайып ҳайўанат дүньясын сәўлелендирген бул эмблема CITESтиң 50 жыллық тәбиятты қорғаў мийрасының руўхын әжайып сәўлелендиреди ҳәм COP20 да орын алған додалаўлар ҳәм қабыл етилетуғын қарарлар әҳмийетли екенлигин билдиреди", - деди CITES Бас хаткери.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан CITESтиң 184 Тәрепиниң (183 мәмлекет + Европа Аўқамы) ҳәм жабайы тәбиятты қорғаў ҳәм саўда тараўындағы кең көлемдеги мәпдар тәреплердиң ушырасыўын өткериўши Орайлық Азиядағы биринши мәмлекет болып есапланады. "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда өткерилетуғын глобал илажға 4 мыңнан аслам қатнасыўшы ҳәм делегат келиўи күтилмекте.