Синдоров, Абдусатторов, Қосимжонов Германия Бундеслигасында сыйлы орын ийеледи

    Спорт 28 сәуір 2025 666

    Германияда шахмат бойынша өткерилген Бундеслига ойынларының 2024/2025-жылғы мәўсиминиң соңғы 15-тур ойынларының нәтийжесине бола, жерлеслеримиз Жавоҳир Синдоров, Нодирбек Абдусатторов ҳәм Рустам Қосимжонов орын алған командалар күшли үшликти ийеледи.

    Атап өтилиўинше, 2024-жылдың сентябрь айында басланған командалар арасындағы бул турнирде жәҳән шахматының ең жетекши гроссмейстерлерин жәмлеген 15 команда жеңимпазлық ушын гүрес алып барды.

    Жарыс түрлери 2024-жыл сентябрь айынан усы жыл 27-апрель күнине шекем ҳәр айдың екшембисинде өткерилди.

    Мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың 27-апрель күни жарыстың соңғы 15-тур ойынында Жавоҳир Синдоров орын алған "Дюссельдорф" командасы Нодирбек Абдусатторов ойнаған "Фирнхайм" командасы менен ушырасты. Бул беллесиўде 4:4 есабында келисим жолы таңланған болса, Нодирбек Абдусатторов "Дюссельдорф" ағзасы ҳиндстанлы Арджун Эригайси менен, Жавоҳир Синдоров "Фирнхайм" абырайын қорғаған сербиялы Алексей Сарана менен теңбе-теңликке еристи.

    Бундеслига ойынларының 2024/2025-жылғы мәўсиминде 3-орынды ийелеген "Баден-Баден" командасы қурамында жерлесимиз, бурынғы жәҳән чемпионы Рустам Қосимжонов беллесиўлерде өз бахтын сынап көрди.

    Қасымжановтың командасы абырайлы жарыстың 15-турында "Мюльхайм" командасы менен күш сынасты. Бул турда "Баден-Баден" жеңиске ерисип, улыўма нәтийжелер жағдайында лигада 3-орынды ийеледи. Рустам Қосимжонов бул турда қара даналарда "Мюльхайм" ағзасы германиялы Дэниел Фридман менен күш сынасты. Ойын 0,5:0,5 есабында жуўмақланды.

    Бундеслига ойынларының 2024/2025-жылғы мәўсими даўамында Нодирбек Абдусатторов 4 ушырасыўда қатнасып, барлығында теңбе-теңликке еристи. Жавоҳир Синдоров 13 турда командасы абырайын қорғады. Өткерилген ойынлардың 10ында жеңис, 3 инде теңбе-тең есапқа алынды. Тәжирийбели шахматшымыз Қасымжанов 10 турда ойын көрсетип, олардың екеўинде жеңиске, үшеўинде жеңилиске ҳәм бесеўинде теңбе-теңликке еристи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates