Атап өтилиўинше, сыйлық қоры 750 мың АҚШ долларынан ибарат бул абырайлы жарыста жерлеслеримиз Нодирбек Абдусатторов ҳәм Жавоҳир Синдоров дүньяның ең күшли гроссмейстерлери Магнус Карлсен, Ҳикару Накамура, Фабиано Каруана, Левон Аронян, Уесли Со, Рей Робсон, Сем Севиан, Ҳанс Ниеманн, Леиниер Домингес, Аржун Эригаиси, Рамешбабу Праггнанандҳаа, Винцент Кеймер, Видит Гужратҳи ҳәм турнирде қатнасып атырған бирден-бир шахматшы ҳаял Бибисара Ассаубаева менен күш сынасады.
Бүгин турнирдиң дәслепки сайлап алыў жарысында шахматшылар 8 қатнасыўшыны жәмлеген топарларда 7 түрли шеңбер системасындағы беллесиўлерди өткереди.
Дәслепки турларда Нодирбек Абдусатторов ҳиндстанлы Рамешбабу Праггнанандҳа, АҚШлы Уесли Со, Левон Арониан, қазақстанлы Бибисара Ассаубаева, германиялы Винсент Кеймер, норвегиялы Магнус Карлсен ҳәм Жавоҳир Синдоров пенен дусласса, Жавоҳир Синдоров Бибисара Ассаубаева, Винсент Кеймер, Магнус Карлсен, Левон Арониан, Рамешбабу Праггнанандҳа, Уесли Со ҳәм Абдусатторовқа қарсы шығады.
Усы ойынлар нәтийжесинде жоқары ҳәм төменги қатардан орын алған қатнасыўшылар ертең, 17-июль күни шерек финал жарысларында қатнасады.
Абырайлы жарыс 21-июльге шекем даўам етеди.








