Халықаралық шахмат федерациясы (FIDE) тәрепинен қәбилетли шахматшымыз Бегмуратова Сарвинозға ҳаял-қызлар арасында FIDE спорт шебери атағы берилди.

Бегмуратова Сарвиноз бул атақты 12 жасында қолға киргизип, Өзбекстан шахматы тарийхында ең жас ҳаял-қызлар арасындағы FIDE спорт устасы сыпатында тарийхқа кирди.

Мағлыўмат ушын: 2019-жылы 13 жасында Омонова Умида усы атаққа ерискен еди.