"Дунё" МАның хабар бериўинше, халықаралық шахмат федерациясының мағлыўматына бола, бул абырайлы жарыс бай шахмат мийрасына ийе, дүнья шахмат жәмийетшилигинде тәсири тез өсип атырған Өзбекстанда биринши мәрте өткерилиўи менен дүнья итибарындағы илаж есапланады.
"FIDE Grand Swiss" халықаралық шахмат календарындағы тийкарғы жарыслардан бири болып, спортшыларға жәҳән тажы даўамшылары турнирлерине қатнасыў ушын туўрыдан-туўры жол ашады. Атап айтқанда, усы жарыс жуўмақларына бола, ең жақсы еки шахматшы 2026-жылғы жәҳән тажы ушын болып өтетуғын турнирге жоллама алады.
Турнирдиң сыйлық қоры 625 мың АҚШ долларына шекем көтерилди. Бул, алдынғы турнирлерге салыстырғанда 36 процентке артқанынан дәрек береди. Ҳаял-қызлардың сыйлық қоры болса 140 мың доллардан 230 мың долларға, яғный 64 процентке арттырылды. Швейцариялық системада өткериледи еки турнир де 11 раундтан ибарат. Онда дана қоятуғын қатнасыўшылардың саны 172 ни қураўы күтилмекте.
Онда қатнасатуғын 116 қатнасыўшыдан 101 и рейтинг бойынша таңлап алынады, қалған орынлар континент ўәкиллери, ФИДЕ арнаўлы мирәт етиўи тийкарында ҳәм жергиликли шөлкемлестириўши арасында бөлистириледи.
Жарыстың күшлилер арасында ҳиндстанлы жас гроссмейстерлер Аржун Эригайси (21 жас) ҳәм жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионы Гукеш Доммаражу (19 жас) биринши ҳәм екинши орынларды ийелеп тур. Жерлесимиз Нодирбек Абдусатторов (20 жас) үшинши орында дизимге алынған. Күшли бесликти Прагнанандха Рамешбабу (19 жас) ҳәм Алиризо Фирузжа (22 жас) жуўмақлаған.
Күшли онлықтың қалған бөлимин болса және де тәжирийбели гроссмейстерлер - еки мәрте жәҳән чемпионлығына талабан болған Ян Непомняший, Аниш Гири, Шаҳриёр Мамедьяров, Левон Арониан ҳәм Владимир Федосеев ийелеген.
Кеңейтилген жаслар топарына дүньяның ТОП-20 рейтингине киретуғын Ханс Ниеманн (22 жас), Винсент Каймер (20 жас), Жавоҳир Синдаров (19 жас), Ниҳал Сарин (20 жас) ҳәм Эвондер Лян (22 жас) киргизилген.
Арнаўлы мирәтнама тийкарында жәҳән чемпионлығына бурынғы талабан Борис Гельфанд ҳәм ҳаял-қызлар арасында чемпионлыққа бурынғы талабан Александра Горячкина турнирде қатнасыўы күтилмекте.
2024-жылдың июльинен 2025-жылдың июнына шекем кеминде 30 классикалық шахмат партиясын ойнаў талап етилетуғын қағыйда себепли, бир қатар белгили шахматшылар, соның ишинде, еки бурынғы жәҳән чемпионлары Магнус Карлсен ҳәм Вишванатан Ананд, сондай-ақ, бурынғы "FIDE Grand Swiss" қатнасыўшылары Ле Куанг Льем ҳәм Питер Свидлер дизимнен шығарылды.
Жәҳән чемпионы Дин Лижэнь рейтинг бойынша жоллама алғанына қарамастан, турнирде қатнаспайды. Алдынғы үш "FIDE Grand Swiss" жарысында қатнасқан Фабиано Каруана да Самарқандқа келмейтуғыны мәлим болды. Себеби ол әллеқашан "FIDE Circuit 2024" жарысын жеңип шығып, 2026-жылғы жәҳән тажы даўамшылары турнирине жолламаны қолға киргизген.








