Синтетикалық метан ислеп шығарыўшы биринши қурылма иске қосылды

    2 маусым 2025 1378

    "Ҳудудгазтаъминот" АЖ ҳәм Японияның “ITO Corporation” компаниясы арасындағы бирге ислесиў шеңберинде Ташкент ўәлаяты, Ангрен қаласының "Янгиобод" мәҳәллесинде жаңа жойбар сынақ тәризинде иске қосылды.

    Атап өтилиўинше, бул жойбар шеңберинде “ITO Corporation” тәрепинен ислеп шығылған заманагөй технология - пропан ҳәм ҳаўа араласпасынан синтетикалық метан газын алыўшы қурылмалар орнатылды. Бул синтетикалық метан арқалы пилот аймақтағы бир неше көп қабатлы турақ жайларды газ бенен тәмийинлеў системасы жолға қойылды.

    "Ҳудудгазтаъминот" АЖ ҳәм Япония компаниясы тәрепинен жойбарды және де кеңейтиў, заманагөй үскенелерди республика бойлап енгизиў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

    Бул баслама Япония Экономика, саўда ҳәм санаат министрлигиниң жәрдеминде әмелге асырылып, Өзбекстанда энергия нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиўге қаратылған стратегиялық бағдарлардың ажыралмас бөлеги есапланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates