Ҳүжжетте 2026-2027-жылларда сырт ел пуқаралары тәрепинен әмелге асырылатуғын сатып алыўлар көлемин 10 есеге арттырыў, усақлап сатыў саўдасы тараўындағы есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленбекте.
Бүгинги күнде сырт ел пуқаралары тәрепинен усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы субъектлерден айырым түрдеги товарларды сатып алыўда төленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў системасы («Tax Free») тәжирийбе тәризинде енгизилди, "Ташкент" ҳәм "Самарқанд" халықаралық аэропортларында сервис пунктлери шөлкемлестирилди.
2026-жыл 1-апрельден баслап республиканың барлық халықаралық аэропортларында сырт ел пуқаралары ушын қосымша қун салығын олардың қәлеўи бойынша нақ пул көринисинде қайтарыў имканияты жаратылады. Онда, белгиленген қосымша қун салығы ставкасының 85 проценти қосымша қун салығы суммасын сырт ел пуқарасына қайтарыў ушын, 15 проценти «Tax Free» системасы операторының хызметлери ушын қаратылады.
Қосымша қун салығын сырт ел пуқараларының банк картасына қайтарыў товарлар алып шығылған күннен баслап үш жумыс күнинен кешиктирилмеген мүддетте әмелге асырылады.
Сырт ел пуқараларына қосымша қун салығын қайтарыўда сатып алыўдың ең кем баҳасы қосымша қун салығын есапқа алған ҳалда - 300 мың сум етип белгиленеди. «Tax Free» системасы енгизилетуғын товарлардың шекленген дизими (азық-аўқат өнимлеринен тысқары) бийкар етиледи.
Салық комитети сырт ел пуқараларына қайтарылатуғын қосымша қун салығы суммасын есапқа алыў ҳәм қайтарыў ушын салық уйымларының арнаўлы мобил қосымшасында электрон почта арқалы идентификациялаў имканиятын жаратады.
2026-жыл 1-апрельге шекем республикамыздың барлық халықаралық аэропортларында «Tax Free» хызмет көрсетиў шақапшалары шөлкемлестириледи.
"Ғишткўприк" шегара бажыхана постында тәжирийбе тәризинде барлық талапларға жуўап беретуғын «Tax Free» хызмет көрсетиў пункти шөлкемлестириледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.03.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».