Бул өз тарийхында биринши мәрте футбол бойынша жәҳән чемпионатының финалында қатнасатуғын Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен миллий сайланды команда ойынларына келиўди режелестирип атырған өзбекстанлы ықласбентлер ағымы көп болыўы күтилмекте.
АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио кең көлемли илажға таярлық көриў ушын АҚШ пүткил дүнья бойлап 400 ден аслам қосымша коньсуллық хызметкерлерин жибергенин, бул болса бир қатар мәмлекетлерде виза хызметкерлериниң санын дерлик еки есеге арттырғанын мәлим етти, деп хабар береди "Дунё" МА.
Кадрлар қурамының күшейтилиўи нәтийжесинде дүньяның 80 процентинде интервью ушын жазыўды 60 күн ишинде алыў мүмкин болды, бурын буны бир жылға шекем күтиў мүмкин еди. Мәселен, Бразилия ҳәм Аргентинада күтиў 12 айдан асқан болса, ҳәзир еки айдан аз.
Америка тәрепи әҳмийетли мәселени айрықша атап өтеди:
"Ойын билети виза емес. Ол АҚШқа кириўге кепиллик бермейди. Ол тек ғана тезлестирилген тәртипте сәўбетке жазылыўды тәмийинлейди, бирақ барлық тексериўлер стандарт болып қалады", - деп атап өтти өз есабатында АҚШ Президентине мүрәжат етип.
Билет ийелери тек ғана сәўбетлесиў күнин тезлестирилген тәризде белгилеў көринисиндеги абзаллыққа ийе болады, бирақ барлық басқа да мүрәжат етиўшилер сыяқлы тәртип-қағыйдалардан өтеди.
Өзбекстан тәрепи АҚШтың Өзбекстандағы елшиси менен ушырасыў өткерди, онда жәҳән чемпионатында қатнасатуғын мәмлекет пуқаралары ҳәм жанкүйерлер ушын визаларды жеделлестирип рәсмийлестириў мәселелери де додаланды.
Сыртқы ислер министрлиги Консуллық-ҳуқық департаменти Өзбекстан пуқараларына төмендегилерди усыныс етеди.
Миллий сайланды командамыздың қатнасыўы ҳәм күтилип атырған ықласбентлер ағымын есапқа алып, Өзбекстан пуқараларынан виза алыў ушын ҳүжжетлерди соңғы ҳәптелерге қалдырмастан, алдыннан тапсырыў соралады. Көпшилик жағдайларда сәўбетлесиў арза берилгеннен кейин 6-8 ҳәпте өткеннен соң тайынланады. Пуқаралар билетлерди сатып алыўшыларға итибар берместен, алдын-ала рәсмий дәреклерден сатып алыўы керек. АҚШта өткерилетуғын жәҳән чемпионатына туристлик виза усы мәмлекетте белгиленген мүддеттен артық ислеў ямаса болыў ҳуқықын бермейди. Егер Сизге келешекте жумысқа орналасыў бойынша "хызметлер" менен мүрәжат етсе, олардан қашыў, сондай-ақ, АҚШтың миграция сиясаты ҳәм нызамсыз қалыўшылардың статусы менен танысыў усыныс етиледи.
Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы оның АҚШтағы ҳәр қандай нызамсыз ҳәрекетлери АҚШ ҳүкиметиниң пуқараларымызға байланыслы кейинги қарарларына тәсир ететуғынын аңлап жетиўи керек. Өзбекстан ҳүкимети еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў илажларын көрмекте, белгиленген нормалар ҳәм қағыйдаларға әмел етиў бизнес ҳәм мийнет миграциясы ушын имканиятларды кеңейтиўге хызмет етеди.