Қарар менен сырт мәмлекетлердиң аўыр салмақлы ҳәм ири көлемли транспорт қуралларының Өзбекстан аймағы арқалы ҳәрекетлениўи ушын төлем муғдарына өзгерислер киргизилди.
Транспорт қуралының улыўма ҳақыйқый салмағының жол қойылатуғын салмаққа салыстырғанда артқанлығы ушын төлем төмендеги тарифлерге муўапық белгиленген (1 км жол ушын):
0 ден 5 тоннаға шекем - БЕМниң 0,08%и;
5 тоннадан 10 тоннаға шекем - БЕМның 0,12 проценти;
10 тоннадан 15 тоннаға шекем - БЕМның 0,24 проценти;
15 тоннадан 20 тоннаға шекем - БЕМның 0,42 проценти;
20 тоннадан 25 тоннаға шекем - БЕМның 0,63 проценти;
25 тоннадан 30 тоннаға шекем - БЕМның 0,97 проценти;
30 тоннадан 35 тоннаға шекем - БЕМның 1,39 проценти;
35 тоннадан 40 тоннаға шекем - БЕМның 1,94 проценти;
40 тоннадан 45 тоннаға шекем - БЕМның 2,66 проценти;
45 тоннадан 50 тоннаға шекем - БЕМның 3,59 проценти;
50 тонна ҳәм оннан жоқары - БЕМның 4,22 проценти.
Сондай-ақ, "Лицензия" автоматластырылған мәлимлеме системасында үлкен жүк тасыўшы ҳәм үлкен көлемли транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын арзаларды көрип шығыў, жөнелисти келисиў ҳәм руқсатнамалар бериў ушын төлем төмендегише белгиленетуғыны нәзерде тутылған:
100 километрге шекем - БЕМның 54 проценти;
кейинги ҳәр бир километр ушын - БЕМның 0,24 проценти муғдарында.
Алдын бул төлемлер биринши 100 км ушын 25 АҚШ доллары, кейинги ҳәр бир километр ушын 0,11 АҚШ доллары етип белгиленген еди.