Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў бойынша жаңа илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди

    Сиясат 19 қыркүйек 2025 2937

    Президент Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары бойынша есабат пенен танысты.

    Бүгинги күнде елимизде бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң халықаралық тәжирийбеге тийкарланған ҳәм медицинаны халыққа жақынластырыўға қаратылған жаңа моделин енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы тийкарда көп тармақлы орайлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар, мәҳәлле медицина пунктлери бирден-бир қатнас тийкарында раўажландырылмақта.

    Буның нәтийжесинде шаңарақлық шыпакерлердиң үлесин 70 процентке жеткериў мөлшерленген. Санластырыў ҳәм қағаз ҳүжжет айланысын қысқартыў арқалы медицина хызметкерлериниң жумыс жүклемесин дерлик үштен бир бөлегине азайтыў, пуқаралардың басланғыш буўын хызметлеринен қанаатланыў дәрежесин 85 проценттен арттырыў мақсет етилген. Соның менен бирге, медицина хызметкерлерин материаллық хошаметлеўдиң олардың кәсиплик нәтийжелилигине тиккелей байланыслы болатуғын жаңа системасы енгизилмекте.

    Президентимиз қәнигелескен жәрдемди түп-тийкарынан жетилистириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Елимизде онлаған илимий-әмелий медицина орайлары болып, олар заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленбекте, бюджеттен үлкен қаржы ажыратылмақта.

    Соның менен бирге, халық арасында хызмет сапасы ҳәм узын нәўбетлер бойынша наразылықлар сақланып қалмақта. Қәнигелестирилген орайларда емлеўдиң халықаралық стандартларын енгизиў, басланғыш буўында методологиялық жумыслардың төмен екенлиги көрсетип өтилди.

    Сол себепли, барлық республикалық қәнигелестирилген клиникалардың жумысын қайта көрип шығып, олардың басқарыўына заманагөй, профессионал менеджерлерди тартыў усынысы билдирилди. Түркиялы қәнигелер жумыс алып барып атырған Республикалық онкология ҳәм радиология орайы буған айқын мысал бола алады.

    Ҳәзирги ўақытта клиникалық протоколларды қайта көрип шығыў ҳәм жаңалаў даўам етпекте: ҳәзирге шекем 400 и қайта көрип шығылды, жылдың ақырына шекем бул көрсеткиш еки есеге артады. Азия раўажланыў банкиниң жәрдеминде үш мыңнан аслам медициналық хызметлер ушын тарифлер методологиясы ислеп шығылмақта.

    Мәмлекетимиз басшысы және бес орайға сырт елли профессионал менеджерлерди тартыў ямаса оларды сырт елдеги абырайлы клиникалардың басқарыўына бериў имканиятын үйрениўге тапсырма берди.

    Онда халықаралық тәжирийбе тийкарында диагностика ҳәм емлеў стандартлары ислеп шығылыўы, миллий клиникалық протоколлар жаратылыўы, жаңа технологиялар енгизилиўи, орайларды раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылыўы, жоқары маманлықтағы қәнигелер тартылыўы, халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиўдиң ашық-айдын ҳәм әдил системасы жаратылыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

    Мәжилисте балалардың саламатлығын қорғаў илажлары да додаланды.

    Атап өтилгениндей, пүткил дүньяда балаларды ана сүти менен аўқатландырыў машқаласы әҳмийетли болып, ана сүтиниң орнын басатуғын өнимлерден пайдаланыў пәти артып бармақта.

    2030-жылға шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен усыныс етилген көрсеткиш - 6 айға шекемги балалардың 70 проценти тек ғана ана сүти менен аўқатландырылыўына ерисиў мақсетинде мәмлекетимизде ана сүти менен аўқатландырыўды қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасы тастыйықланады.

    Бағдарлама шеңберинде ЖДСШ ҳәм ЮНИСЕФтиң "Ана сүти менен емизиў ушын қолайлы шараят жаратыўшы медицина мәкемеси" ҳәм "Ана сүти менен табыслы емизиўге қарай 10 қәдем" басламалары енгизиледи. Медицина хызметкерлерин ана сүти менен аўқатландырыў бойынша оқытыў, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм аналардың билимин арттырыў илажлары өткериледи.

    Нызамшылыққа ана сүтиниң орнын басатуғын өнимлердиң рекламасын шеклеўге қаратылған өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, балалар ушын мөлшерленген азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, импорт ҳәм экспорт етиў, тасыў, сақлаў, сатыў ҳәм жеткерип бериўге байланыслы талаплар менен стандартларды жетилистириў усыныс етилди.

    Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, медицинаны халыққа жақынластырыў ҳәм сапасын арттырыў, жуқпалы болмаған кеселликлерден өлимшиликти азайтыў, жас әўлад саламатлығын беккемлеў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates