Атап өтилиўинше, пеняның процент ставкасы Орайлық банктиң сол дәўирде әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасының (14%) 1/300 ге тең етип қабыл етиледи.
Онда мысал ушын, төленбеген салық қарызы 500 мың сум муғдарында болса, оның ушын пеня төмендеги тәртипте есапланады:
500 000 х (14%/300) = 233,33 сум.
Усы есапта, салық қарызын төлеў бир күнге кешиктирилгенде 233,33 сум пеня есапланады.
Қарыздар төлеўи мүмкин болған қарызды усы тәризде есаплап, қарызына қосылыўы күтилип атырған пеняны билип алыўы мүмкин (бунда қарыз суммасы 14 процент (0,14) ке көбейтиледи ҳәм шыққан сан 300 ге бөлинеди).
Мағлыўмат ушын, пеня салық төлеўши салық ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген салықларды төлеў мүддетлерин бузған жағдайда төленбеген салық суммасына салыстырғанда кешиктирилген ҳәр бир календарь күн ушын процентлерде есапланады.
Есапланған пенялар да салық қарызы есапланады ҳәм оларға салық уйымлары тәрепинен мәжбүрий өндириў илажлары қолланылады.
Еслетип өтемиз, қаржыландырыў ставкасы усы жылдың 24-март күнинен әмелге киргизилди.