Кейинги үш жылда 1,5 мың азық-аўқат жойбары иске қосылды

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мийўе-овош ҳәм азық-аўқат экспортын көбейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

    Мәмлекетимиз басшысы кейинги үш жылда 250 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлери азық-аўқат жетистириўге берилгени, 160 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзимгершилик жаратылғаны, гөнерген 107 мың гектары жаңаланғаны, 1 миллиард долларлық 1,5 мың азық-аўқат жойбары иске қосылғанын атап өтти.

    Буннан тысқары, 100 мың тонна сақлаў, 70 мың тонна кептириў, 46 мың тонна сайлап алыў ҳәм қадақлаў қуўатлықлары жаратылды.

    Аўыл хожалығындағы реформалар халықаралық көлемде тән алынбақта. Усы айда Өзбекстан Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Кеңесиниң ағзалығына сайланды.

    "Бул миллий ҳәм регионаллық басламаларды алға қойыў, жаңа жойбарларға қаржы тартыўда биз ушын үлкен имканият", - деди Президент.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates