Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки мәмлекет ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективаларын додалады, жақын келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.
Жаратылған сөйлесиў ҳәм ерисилген келисимлер ҳуқықый тараўдағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиўге, сондай-ақ, еки мәмлекет Бас прокуратуралары арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң прокуратура уйымлары, соның ишинде, Тәжикстан Республикасы Бас прокуратурасы менен прокуратура уйымларының жумысын санластырыў, коррупцияға қарсы таллаў ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди жедел кеңейтиўге таяр екенин билдирди.








