Япония Императоры мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, Өзбекстан Президентиниң бул ретки сапары Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли ўақыя екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз жетекшиси Император Нарухитоға Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформалар избе-из қоллап-қуўатланып атырғаны ушын терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық билдирди.

Географиялық жақтан узақ болыўына қарамастан, өзбек ҳәм япон халықларын руўхый жақынлық, менталитет, үрп-әдет ҳәм шаңарақлық қәдириятлардың уқсаслығы, сондай-ақ, Уллы жипек жолы дәўиринен басланатуғын көп әсирлик тарийхый байланыслар бирлестирип туратуғыны атап өтилди.

Еки тәреплеме бирге ислесиў, әсиресе, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўында, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар избе-из кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнге шекем 3 мыңнан аслам өзбекстанлы қәнигелер Японияда стажировкадан өткен, 440 тан асламы стипендия тийкарында жоқары билим алған. Өзбекстандағы 7 жоқары оқыў орнында япон тили оқытылады.

Усы сапар етиў шеңберинде Токиода Өзбекстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди. Келеси жылы Японияның бир қатар қалаларында Өзбекстан мәденияты ҳәм тарийхына байланыслы археологиялық көргизбе шөлкемлестириў режелестирилген.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз жетекшиси Император Нарухитонды Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.