Орайлық Азия ҳәм Әзербайжанда ҳаял-қызлардың әдил судлаўдан тең пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша жоқары дәрежедеги ушырасыў болып өтти

    Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы Малика Қодирхонова Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында ҳаял-қызлардың әдилликтен тең пайдаланыўын тәмийинлеўге бағышланған жоқары дәрежедеги ушырасыўда қатнасты.

    Илаж 2026-жылы болып өтетуғын Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссияның 70-сессиясына регионаллық таярлықтың әҳмийетли басқышы болды.

    Ушырасыў Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Ҳаял-қызлар" структурасының Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық офиси менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан делегациялары қатнасты.

    Ушырасыўда сенатор мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың әдилликтен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, алдынғы тәжирийбелер ҳәм нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берди.

    Илаж қатнасыўшылары ҳаял-қызлардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў, әдил судлаўға ерисиўдеги бар тосқынлықларды сапластырыў, кемситиўге қарсы гүресиўдиң нәтийжели механизмлерин енгизиў, зорлықтан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

    Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшы мәмлекетлердиң ҳаял-қызлар ушын әдиллик тараўындағы тең имканиятларды тәмийинлеў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы умтылысларын тастыйықлайтуғын Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates