ҒМДА омбудсманларының бирге ислесиўи Россиядағы 50 ге шамалас өзбек студентлериниң ҳуқықларын тиклеўге жәрдем берди

    2025-жыл 5-декабрь күни Минск қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының мәжилиси болып өтти. Илажда Комиссия ағзасы - Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова онлайн түрде қатнасты.

    Мәжилис даўамында Армения, Беларусь, Россия, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Өзбекстан ўәкиллери инсан ҳуқықларын қорғаўға байланыслы 10 нан аслам мәселе - қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқық, жасалма интеллекттен пайдаланыўдағы заманагөй қәўип-қәтерлер, жаслардың ҳуқықларын тәмийинлеў, сондай-ақ, бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин көрип шықты.

    Феруза Эшматова ҒМДАға ағза мәмлекетлерде жаслардың ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша таллаў нәтийжелери менен таныстырып, билимлендириў, бәнтлик ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жаслардың имканиятларын кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Есабатта тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм шериклик байланысларын кеңейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

    Еслетип өтемиз, 2025-жыл октябрь айында бул бирге ислесиў шеңберинде Өзбекстан Омбудсманы Москваға барған еди. Өзбекстанның Россиядағы елшиханасының жәрдеминде жерлеслеримиз бенен ушырасыў өткерилип, студентлер билимлендириў мәкемеси тәрепинен олардың ҳуқықлары бузылып атырғаны ҳаққында мүрәжат етти. Қабыллаўда Россия Федерациясындағы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил ҳәм Россияның түрли уйымларының ўәкиллери де қатнасты.

    ҒМДА Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының баслығы Татьяна Москалкова биргеликтеги жумыслар себепли Россияда билим алып атырған дерлик 50 өзбекстанлы студенттиң ҳуқықлары тикленгенин атап өтти. Нызамбузыўшылықлар билимлендириў мәкемеси администрациясының немқурайдылығы себепли жүзеге келген.

    Мәжилисте бул мысал ҒМДА омбудсманларының нәтийжели бирге ислесиўиниң әмелий нәтийжеси екени атап өтилди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар тәжирийбе инсан ҳуқықларын қорғаў ушын миллий инсан ҳуқықлары институтларының тилеклеслиги ҳәм жедел мәлимлеме алмасыўы әҳмийетли екенлигин көрсететуғынын атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates