Бүгин биз жоқары мақсет - демократиялық ҳәм еркин жаңа Өзбекстанды қурыў жолында усы идея тийкарындағы кең көлемли жумыслардың гүўасы болмақтамыз. Әсиресе, соңғы жылларда бул процесс әмелде, турмысымызда жүз берип, жәмийетшиликтиң пикирин өзгертиўши катализаторға айланбақта. Соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың халықтың мүрәжатларына тиккелей жуўап бериўи, машқалаларын үйренип, шешиўи, басшылардың жүзбе-жүз сөйлесиўи әдеттеги жағдайға айланды. Өзбекстанның 2021-жылы Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияға қосылыўы, бундай шахсларды жумысқа алған кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын бир қатар жеңилликлер берилиўи де итибарға ылайық жумыслардан.

Анализшилер дүнья әмелиятында социаллық статусқа ийе мәмлекетлер экономикалық жақтан жоқары дәрежеде раўажланатуғынын атап өтеди. Себеби бунда мәмлекеттиң басқарыў системасы социаллық бағдарланады, пуқаралық жәмийети ҳәр тәреплеме қәлиплеседи, түрли социаллық бағдарламаларды әмелиятқа избе-из енгизиў жумыслары системаластырылады. Нәтийжеде ҳәр бир пуқараға мүнәсип турмыс шараяты жаратылады. Тең шараят болса, адамлардың қайсы тараў ямаса бағдарда болмасын, пайда келтириўге умтылысын арттырады. Инсаный жуўапкершиликти жоқарылатады.

Конституциямыздың 1-статьясында Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгиленген. Елимизде социаллық мәмлекетке тән өзгешеликлерди өзинде жәмлеген ҳәрекетлер бираз жеделлескен. Атап айтқанда, кәмбағаллық бар екенлиги тән алынып, оны азайтыўға байланыслы жумыслар жанланды. Социаллық жәрдемниң жаңа түрлери енгизилип, қоллап-қуўатлаў көлеми бир неше есеге кеңейтилди. Бул реформаларды өзинде жәмлеген, халықты социаллық қорғаў системасын раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар ҳәм комплексли илажларды белгилеп берген 2030-жылға шекем мөлшерленген стратегия қабыл етилди. Бул ҳүжжет пенен миллий социаллық қорғаў сиясатының кейинги раўажланыў бағдарлары белгилеп берилди. Соған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 20-февраль күни социаллық қорғаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул системаны түп-тийкарынан реформалаў, социаллық жәрдемниң мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтип, соның ишинде, былай деген еди: "Бул тараўда улыўма ислеп болмайды. Ҳәр бир шаңарақ ҳәм инсан тәғдирине айрықша, профессионал қатнас жасаў керек. Социаллық хызмет дурыс жолға қойылса, мүтәж пуқаралар жәмийетте өз орнын табады".

Елимиздеги социаллық қорғаў системасы тек ғана материаллық жәрдем емес, ал шахстың психологиялық жағдайын жақсылаўға да қаратылғаны менен айрықша ажыралып турады. Усы жерде тәбийғый сораў туўылады: психологиялық жәрдем не ушын керек?

Психологиялық жәрдем инсанның руўхый жағдайын турақластырыў, стресс ҳәм қыйыншылықлар менен нәтийжели гүресиў, жеке ҳәм социаллық потенциалын раўажландырыўға қаратылған кәсиплик жәрдем болып табылады. Ол түрли себеплер менен жүдә әҳмийетли. Атап өткенимиздей, өмирде қыйыншылық ҳәм стресслер бар. Психологиялық жәрдем әне усындай тәшиўиш, стресс ҳәм қорқыўды жеңиўге жәрдем береди. Нәтийжеде турмыс сапасы жақсыланады.

Сондай-ақ, дурыс психологиялық мәсләҳәт пенен инсан өзин жақсырақ аңлай баслайды, кемшиликлерин дүзетиў, көнликпелерин раўажландырыў жолларын табады. Бул, өз гезегинде, инсан турмысында сезилерли өзгерислерге себеп болады.

Социаллық қорғаўға мүтәж адамлар, яғный кем тәмийинленгенлер, майыплар, жаслар ҳәм кексе адамлар көбинесе өмирде өзин тән алынған деп сезбейди. Яғный, бундай шахслар түрли стрессли жағдайларға дус келеди. Соның ушын оларды психологиялық қоллап-қуўатлаў зәрүр. Руўхый қоллап-қуўатлаў арқалы социаллық қорғаўға мүтәжлердиң белсендилиги артады, жәмийетке мүнәсибети жақсыланады. Бул процессте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўи, психологиялық хызметлердиң кеңейтилиўи ҳәм халық арасында психологиялық саламатландырыўға мүнәсибетти өзгертиў үлкен әҳмийетке ийе.

Социаллық қорғаў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдарларынан бири екенин есапқа алатуғын болсақ, оның ҳуқықый тийкарлары усы тийкарғы бағдарға толық сәйкес болыўы керек. Елимизде жүз берип атырған бүгинги әҳмийетли сиясий процесслерде халқымыз бул бағдарда раўажланыўға тийкар болатуғын жаңадан-жаңа режелер менен бағдарламаларды күтпекте. Сол себепли, халықты социаллық қорғаў бағдарындағы реформалар барған сайын жетилисип бармақта. Соның ишинде, бүгин орынларда жедел ислеп атырған "Инсан" социаллық хызметлер орайы да әне усындай ис-ҳәрекетлердиң нәтийжеси болып есапланады. Бул арқалы мәмлекет адамларға және де жақынласты. Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы "Инсан" социаллық хызметлер орайында 315 психолог жумыс алып бармақта. Олар социаллық қорғаўға мүтәжлердиң толық турмыс кешириў процесинде жүзеге келген шеклеўлерди сапластырыўы, басқалар менен тең ҳуқықлы болыўы, қыйыншылықларды жеңиўине жәрдем бермекте.

Усы жылдың он айында "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы арқалы 94 мыңнан аслам пуқараға психологиялық жәрдем көрсетилди. Бул социаллық қорғаў системасында психологиялық хызметлер зәрүр ҳәм әҳмийетли екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды. Қалаберди, психологиялық жәрдем кәмбағаллық машқаласын тек ғана материаллық жәрдем емес, ал инсанның ишки потенциалын иске қосыў арқалы шешиўге хызмет етеди. Демек, бул әпиўайы сан емес, ал өз турмысында жаңа басқышқа өтип атырған, социаллық интеграцияға қәдем қойып атырған инсанлардың тәғдири. Яғный жәмийетте инсан қәдири тек ғана материаллық жәрдем емес, ал руўхый ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатлаў арқалы да жоқарылады.

Мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасын реформалаў бойынша көрилип атырған илажлар инсан қәдирин жоқарылатыў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм жәмийеттиң руўхый саламатлығын беккемлеў мақсетлерине қаратылғаны менен де әҳмийетли болмақта.

Бобур АБДУЛЛАЕВ,

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жуўапкер хызметкери