Сонлықтан, елимизде бул тараўда үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Жаңа редакциядағы Конституциямызда социаллық мәмлекет принципи беккемленип, мәмлекеттиң социаллық миннетлемелери 3 есеге көбейтилди.
Усы принциплер тийкарында социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасы жаратылды. Тараў түп-тийкарынан реформаланды, социаллық жәрдемниң анық, мақсетли ҳәм мәнзиллилигин тәмийинлеўге қаратылған жаңаша қатнас ҳәм механизмлер енгизилди. Бул тараўда кең көлемли реформалар басланған дәўирден берли кәмбағаллық дәрежеси дерлик 3 есеге қысқарды.
2016-жылы социаллық қорғаўға бюджеттен 2 триллион сум жумсалған болса, 2024-жылға келип бул көрсеткиш 9,8 есеге артып, 20,3 триллион сумға жетти. Бул қаржы ЖИӨниң 1,4 процентин қурамақта. Бул санлар мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасын раўажландырыўға қаншелли үлкен үлес қосылып атырғанын айқын көрсетеди.
Президентимиз бул жаңа системаның өзине тән тәрепи ҳәм әҳмийети ҳаққында тоқтап, "Жәмийетимизде социаллық әдиллик ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеў керек болса, бул жаңа системаны орынларда нәтийжели иске қосып, мүтәж инсанларға жәрдем ҳәм үмит бағышлаўымыз керек" деген еди.
Елимизде бул бағдардағы социаллық-экономикалық реформалардың динамикасыға сәйкес түрде халықты социаллық қорғаў, нәтийжели социаллық қорғаў сиясатын жүргизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы жыллары халық ушын ажыратылған социаллық жәрдемниң көлеми 5 есеге арттырылып, 2 миллионнан аслам шаңарақ усы социаллық қорғаў бағдарламалары менен қамтып алынды. Халыққа социаллық хызметлер көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў ҳәм бул тараўға алдынғы халықаралық стандартларға тийкарланған пүткиллей жаңа басқарыў системасын енгизиў мақсетинде кейинги 2 жылда 47 нызамшылық ҳүжжети, соның ишинде, 3 нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6 пәрманы ҳәм 12 қарары, Министрлер Кабинетиниң 26 қарары қабыл етилди.
Усы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлердиң мәҳәлле дәрежесине түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде 208 район (қала) да "Инсан" социаллық хызметлер орайларының жумысы жолға қойылды. Орынларда социаллық хызметкер ҳәм ассистенти лаўазымы енгизилип, ҳәр бир мәҳәлледеги шаңарақ саны, социаллық қорғаўға мүтәж халық топарларын есапқа алған ҳалда социаллық хызметкерлер "аймақ - участка - мәҳәлле" принципи тийкарында бириктириледи. Бул илажлар халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлерди кеңейтиў, оларды орынлардағы шараят ҳәм зәрүрликтен келип шығып мақсетли шөлкемлестириў менен бирге, социаллық қорғаўға мүтәж халық категориялары ушын жаңа түрдеги хызметлерди енгизиў имканиятын бермекте.
Майыплығы болған инсанлардың бәнтлигин тәмийинлеў социаллық қорғаў бағдарындағы илажлардың тийкарғы бағдарларынан бири. Бул бағдарда пайтахтымызда дәстүрий өткерилип атырған "Инсан ушын" республикалық көргизбеси әҳмийетли илажға айланбақта. Социаллық қорғаў миллий агентлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына қарағанда, 2024-жылы өткерилген көргизбеде 250 ден аслам исбилерменлик субъекти қатнасқан. Соннан 212 си майыплығы болған шахсларды жумыс пенен тәмийинлеп атырған кәрханалар болып есапланады. Көргизбеге келгенлер тәрепинен 300 миллион сумлық өнимлер сатып алынған. Мәмлекетлик шөлкемлер, ири кәрханалар ҳәм исбилерменлер арасында улыўма баҳасы 440 миллиард сумды қурайтуғын 900 ге шамалас хожалық шәртнамасына қол қойылған.
Бул көргизбе быйыл да жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Онда 150 ге шамалас исбилермен, соның ишинде, майыплығы болған 14 өнермент қатнасты. Олар тәрепинен мебель, тоқымашылық, аяқ кийим, спорт үскенелери, азық-аўқат, турмыслық техника, полиграфия ҳәм басқа да түрдеги өнимлер усынылды ҳәм саўдаға шығарылды.
Бүгин мәмлекетимизде майыплығы болған дерлик 169 мың бала бар. Оларды медициналық-социаллық қорғаў, билимлендириўге бағдарлаў, балалығынан кәсип-өнер ийелеўи ҳәм үлкейип жәмийетте өз орнын табыўға жәрдемлесиўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте 66 арнаўлы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлеринде майыплықтың аўыр түрлерине ийе болған балалар ушын "Ғамқорлық" топарлары шөлкемлестирилди. Бул топарларға 500 ден аслам бала бағдарланған. Бул ҳәрекетлердиң нәтийжесинде олардың ата-анасы ямаса орнын басыўшы шахсларға социаллық дем алыў ҳәм қандай да бир мийнет искерлиги менен шуғылланыў имканияты жаратылған. "Ғамхорлық" топарлары ҳәр бир баланың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, тәрбиялаў ҳәм жәмийетке бейимлесиўинде шаңараққа жәрдем бермекте.
Енди бул бағдардағы жумыслар раўажландырылып, майыплығы болған 3-18 жастағы балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин жолға қойыў усыныс етилмекте. Оған балалар ата-аналар менен дүзилген социаллық шәртнама ҳәм психологиялық, медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Усы жылдың ақырына шекем аўыр майыплығы болған 2 мыңға шамалас баланы бул хызметлер менен қамтып алыў режелестирилмекте. Бул олардың анасы ушын жумыс ислеў ҳәм билим алыў сыяқлы имканият жаратып, шаңарақтың абаданлығына хызмет етеди.
Сондай-ақ, "Балалар саламатлығы" мәлимлеме системасы иске қосылып, ҳәр бир балаға қойылған диагноз талланып барылады. Майыплығы болған балаларға медициналық, реабилитация, билимлендириў, социаллық хызметлер комплексли көрсетиледи. Бундай мәкемелерге ҳәр бир бала ушын субсидия ҳәм сатып алыўлар ушын жеңиллетилген кредит ажыратылады. Күндизги тәрбия хызметинен пайдаланғаны ушын ата-аналардың айына 3 миллион сумға шекемги төлеминен салық алынбайды.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде бул бағдардағы жумыслардың көлеми және де кеңейтилмекте. Атап айтқанда, профессионал социаллық хызметлер көрсетиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система және олар ушын қолайлы ҳәм қолайлы орталық жаратыў, балаларды социаллық қорғаў системасын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм усы бағдарға қәнигелескен билимлендириў шөлкемлериниң қәнигелери ҳәм педагоглары, майыплығы болған инсанлардың бәнтлигин тәмийинлеўге үлес қосып атырған исбилерменлерден айырымларының бул бағдардағы реформалардың нәтийжеси ҳаққындағы пикирлери менен қызықтық.
Күндизги күтим орайлары шөлкемлестирилмекте
Жасур ЛАЗИЗЖАНОВ, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси:
- Мәмлекетимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары менен қамтып алыў, социаллық жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиўдиң социаллық әдиллик нормаларына тийкарланған ашық-айдын ҳәм санластырылған жаңа системасын енгизиў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир пуқараны өзи ҳәм перзентлериниң келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға шақыратуғын ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыў және социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў көлемин кеңейтиў арқалы шаңарақлардың мийнет етиў имканиятын шеклеп атырған себеплерди сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў, социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди комплексли қатнас тийкарында көрсетиў, халықтың аўыр социаллық жағдайға түсип қалыўының алдын алыў, социаллық қорғаўдың мәнзиллилигин ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген "Инсан" социаллық хызметлер орайлары пуқараларды ойландырып киятырған мәселелерди сол жердиң өзинде сапластырыў имканиятын бермекте. Орайлар тәрепинен аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған шахслар және шаңарақларға тиккелей мәҳәлле дәрежесинде комплексли қатнас тийкарында 102 түрдеги профессионал социаллық хызмет көрсетилмекте. Соның ишинде, өзгелердиң күтимине мүтәж шахсларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық жәрдемниң көлеми де кеңеймекте.
Бурын басқалардың күтимине мүтәж шахсларды анықлаў, тән алыў ҳәм оларға хызметлерди белгилеў ушын 50 күнге шекем ўақыт, оннан аслам ҳүжжет жыйнаў, жергиликли ҳәкимлердиң қарары шығыўын күтиў талап етилетуғын еди. Ҳәзир бул система толық санластырылып, "Инсан" социаллық хызметлер орайы директорының қарары менен 5 жумыс күнинде басқалардың күтимине мүтәж шахс сыпатында тән алыў ҳәм индивидуал хызметлер режесин автоматикалық түрде қәлиплестириў тәртиби енгизилди.
Сондай-ақ, бул бағдардағы жумыслардың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте. Өз гезегинде, әмелий жумыслар да даўам еттирилмекте. Бүгин елимиздиң бир қатар аймақларында басқалардың күтимине мүтәж шахсларға жаңаша хызметлер көрсетиў әмелиятына жеке меншик тармақ ўәкиллери кеңнен тартылмақта. Соның ишинде, пайтахтымыздың Мырза Улығбек районында усы категориядағы инсанларға хызмет көрсетиў ушын күндизги тәрбия орайы иске қосылды. Бул орайда аутсорсинг тийкарында исбилермен хызмет көрсетпекте. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң қәнигелери болса методикалық жақтан жәрдем бермекте. Бул системаның иске қосылыўы тараўда бәсеки орталығын күшейтиў ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўға тийкар жаратпақта.
Ҳәзир бул бағдарда арттырылған тәжирийбелер тийкарында Әндижан, Сырдәрья, Самарқанд, Ферғана, Қашқадәрья ўәлаятларында да усындай жаңаша орайлар шөлкемлестириў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул орайлардың ҳәр биринде 7-14 адамға шекем қамтып алыў имканияты бар. Улыўма, ҳәзирги ўақытқа шекем өзгелердиң жәрдемине мүтәж 70 ке шамалас адам бул орайларға қамтып алынып, медициналық-социаллық, психологиялық реабилитация жумыслары алып барылмақта. Бул орайлар жумыс баслағанына еле көп ўақыт болмаған болса да, нәтийже жаман емес. Орайға қатнап атырған айырым наўқаслар қысқа мүддетте еркин ҳәрекетлениў имканиятына ийе болмақта.
Бул, бәринен бурын, наўқастың өмирге деген исенимин арттырыў, қалаберди, оны күтип атырған жақынларына жеңиллик жаратыўда үлкен имканият. Сол себепли, халықтың бул орайларға қызығыўшылығы ҳәм мүрәжаты барған сайын артып бармақта.
Енди басқалардың күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызметлердиң қамтып алыўын ҳәм түрлерин кеңейтиў мақсетинде "Белсенди өмирге қәдем" бағдарламасы енгизиледи. Бундай инсанларға күндизги қатнаў тийкарында ямаса үйде қараў, турмыслық жумысларда жәрдемлесиў, жоғалтылған ҳәрекет активлигин қайта тиклеў, кеселликлердиң алдын алыў сыяқлы медициналық-социаллық хызметлер көрсетиў жолға қойылады.
Системада үзликсиз әмелге асырылып атырған реформалар халқымыздың бул бағдардағы хызметке талабы ҳәм зәрүрлигин тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаўдай ийгиликли жумыслардың даўам еттириўге хызмет ететуғыны тәбийий.
* **
Ҳақыйқатында да, сәўбетлескенлеримиздиң атап өткениндей, елимизде мүтәжлер айрықша итибарға алынып, материаллық-руўхый қоллап-қуўатланбақта. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде бундай шаңарақларға мийнет, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда жәрдем берилмекте.
Буннан тысқары, майыплығы болған инсанлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың көлеми кеңеймекте. Енди майыплығы бар инсанларды жумысқа алған жеңил санаат кәрханаларына салық жеңилликлерин бериў, бундай хызметкерлер ушын социаллық салық ставкасын азайтыў, исбилерменлерге Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры есабынан 500 миллион сумға шекем субсидия ажыратыў сыяқлы хошаметлеўлер нәзерде тутылмақта.
Бүгин дүньяда жүз берип атырған глобал социаллық-экономикалық машқалалар, турақсыз геосиясий процесслерге қарамастан, елимизде избе-из әмелге асырылып атырған бундай жойбарлар ҳеш кимди өз машқаласы менен жалғыз қалдырмаў, инсан қәдирин ҳәмме нәрседен үстин қойыў сыяқлы ийгиликли ислердиң даўамлы болыўына хызмет етеди.
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы
Баҳор ХИДИРОВА таярлады.