Усы жылдың 8-9-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) жаслар ҳәм профессионал спортшылар арасында Қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы беллесиўлери болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Қызғын бәсекиге бай түрде өткерилген жарыста спортшылар өзлериниң шеберлигин ҳәм ҳәр тәреплеме шыныққанлығын, өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенлигин көрсете алды.
Кескин беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Сондай-ақ, жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы менен сыйлықланды.