"НАТОның бас хаткери Марк Рютте менен өткерген оғада нәтийжели ушырасыўымның жуўмақлары бойынша биз Гренландия ҳәм әмелде пүткил Арктика регионына байланыслы болажақ келисим тийкарын қәлиплестирдик. Бул қарар, егер әмелге асырылса, Америка Қурама Штатлары ҳәм барлық НАТО мәмлекетлери ушын жүдә жақсы қарар болады", деп жазған ол.
Трамптың сөзлерине бола, бул келисим тийкарында ол 1-февральдан күшке кириўи керек болған бир қатар Европа мәмлекетлерине салықларды енгизбейди, деп жазбақта report.az.
"Гренландияға байланыслы "Алтын гүмбез" (РҚЕ системасы) бойынша қосымша додалаўлар даўам етпекте. Сөйлесиўлер даўамында қосымша мағлыўматлар бериледи. Вице-президент Джей Ди Вэнс, мәмлекетлик хаткер Марко Рубио, арнаўлы ўәкил Стив Уиткофф ҳәм басқа шахслар зәрүр жағдайларда сөйлесиўлер ушын жуўапкер болады", - деп жуўмақлады Трамп.