Конференцияда ТҮРКСОЙ халықаралық түркий мәденият шөлкеми бөлим баслығы Санжар Мўлазимўғлу, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев, Қарақалпақстан Республикасы Мәсденият министри Бегис Темирбаевлар шығып сөйлеп өткерилип атырған илаждыӊ әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтти.
Буннан соӊ, Стамбул университетиниң деканы Зекаи Кардаш, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Бахтияр Генжемуратов, ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессоры Гүлбаҳар Ахымбетова, ҚМУ оқытыўшысы, көркемөнертаныўшы Айжамал Төремуратова, Стамбул университетиниӊ заманагөй түрк диалектлери ҳам әдебият оқытыўшылары Ураз Сапашев ҳәм Мамура Маматкулова Ўзжан, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Ө.Қосымбетов, ҚМУ доктаранты Айгүл Қосымбетовалар шығып сөйлеп, уллы шайырдыӊ әдебий мийрасы, оныӊ түркий халықлар әдебияты ҳәм мәдениятында тутқан орны ҳаққында кеӊ түрде баянатлар жасады.
Атап өтилгениндей, ϴзбекстан Репсубликасы Президенти Ш. Мирзиёевтыӊ басламасы менен “Қарақалпақ халқыныӊ атақлы шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығын кеӊ түрде белгилеў ҳаққында” ғы қарары ҳәм оныӊ ЮНЕСКО ныӊ халықаралық юбилейлер режесине киргизилгенлиги пүткил халқымыз ушын қуўанышлы ўақыя болды.
Ҳақыйқатындада, халқымыз тарийхында ҳәм әдебиятында ѳшпес из қалдырған уллы шайыр Әжинияздың келешек ǝўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен уллы сѳз зергери, ойшылларымыздан саналады.
Шайырдың мийрасын кеӊ жәмийетшиликке, дүнья халықларына жақыннан танытыў бағдарында усы жылдыӊ өзинде көплеген илажлар әмелге асырылды. “Әжинияз” операсы қайта сахналастырылды, “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильми сүўретке алынды, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шайырдыӊ музейи шөлкемлестирилди, пайтахтымызда “Сөйле ҳә бүлбил зибаным” атлы халықаралық конференцияныӊ өткерилгенлигин, Ташкент қаласында шайырдыӊ юбилейи кеӊ түрде белгиленгенлигин айрықша атап өтиў орынлы.
Конференцияда түркиялы жасларға түркий халықлардыӊ да уллы шайыры саналған Әжинияз Қосыбай улыныӊ дөретиўшилиги кеӊнен таныстырылды.
Мағлыўмат ушын, бүгин Стамбулдағы Бакчилар беледиеси ҳәкимшилигиниң концерт залында өзбек ҳәм қарақалпақ көркем өнер шеберлери, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған «Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атлы концерт бағдарламасы болып өтеди.
Гүлмира Палўанова,
Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлигиниң баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.