Президентимиздиң қарары тийкарында шөлкемлестирилген ҳәм жойбар баҳасы 15 миллиард сум болған бул заманагөй орай жәми 9 лаборатория, ушырасыўлар ҳәм басқарыў ханаларынан ибарат.

Әзербайжан Илим ҳәм билимлендириў министрлиги тәрепинен 551 мың АҚШ доллары баҳасындағы заманагөй лаборатория ҳәм мебель үскенелери бийпул жеткерип берилди.

Орайдағы шараятлар, қалаберди, бүгин саўға етилген үскенелердиң билимлендириў тараўына заманагөй имканиятлар, жаңалықлар алып кириў ушын әҳмийети үлкен.

Бул үскенелер жәрдеминде мектепке шекемги ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын ойынластырылған оқыў қурылмалары жәрдеминде креатив пикирлеў қәбилети раўажландырылады, 4 түрдеги конструкциялық топламлар жәрдеминде оқыўшылардың робототехника ҳәм ИҚ дәрежеси раўажландырылады, авиасимуляциялық лабораториядағы алдынғы технологияларды қолланыў арқалы аэродинамика ҳәм ушыў теориясы және дронлар ҳәм жасалма жолдаслардың дүзилиси үйретиледи, виртуал лабораторияда қыйын тараўларды қәўипсиз орталықта үйрениў имканияты жаратылады.

Және бир жаңалық:

2025-жыл июнь айынан баслап басқышпа-басқыш жазғы инновациялық дем алыў орны, қәбилетли мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллимлери ушын "Жасыл мәкан" фестивалы, экосистема ушын пайдалы стартаплар және инновациялық қолланбалар жойбарларын енгизиў режелестирилген.