-Бул орайды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, университет студентлери ҳәм питкериўшилериниң жумыс пенен тәмийинлениўи ушын жаңа имканиятлар жаратыў, олардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыўға жәрдемлесиў болып табылады,-дейди университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры Алымжан Дүйсенбаев.-Ендигиден былай, орайдың шөлкемлестириўи менен студентлер ҳәм питкериўшилеримиз ҳәр қыйлы тараўларда әмелий тәжирийбе арттырыў, жумыс бериўшилер менен тиккелей байланыслар орнатыў имканиятына ийе болады.
Буннан тысқары, орай өз бизнес идеяларын әмелге асырыў нийетинде болған университеттиң питкериўши курс студентлери ушын бизнес идеяны таяр жойбарға шекем алып барыў процесинде толық жәрдемлесиў, соның ишинде, қолайлы шәртлерде қаржыландырыў, университеттиң питкериўши ҳәм төменги курс студентлери арасында тараўлар бойынша ашық таңлаўлар өткериў ҳәм жеңимпазларды жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдем бериледи.
Әлбетте, Президентимиздиң қарары тийкарында шөлкемлестирилип, өз жумысын баслап атырған бул орай тек ғана жаслардың жумысқа жайласыўын аңсатластырып қоймастан, ал, университетте экономикалық өсиў ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге де үлкен үлес қосады, деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.