Президентимиздиң усы жыл 21-августтағы "Әдил судлаў тараўында жоқары маман кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы бул системалы реформалардың логикалық даўамы ҳәм әҳмийетли басқышы болды.

Бул пәрман суд системасы ушын жоқары маманлықтағы юрист кадрлар таярлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында буннан былай да жетилистириў, билимлендириў, илим ҳәм әмелияттың үзликсизлигин тәмийинлеў арқалы профессионал судьялар корпусын қәлиплестириўге қаратылған.

Пәрман менен суд-ҳуқық тараўында маман кадрлар таярлаўдың жаңа системасын енгизиўдеги бир қатар тийкарғы мақсетлер белгилеп берилген. Суд системасы ушын ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билим ҳәм зәрүр кәсиплик көнликпелерге ийе, жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў; судьялық лаўазымына талабанларды таярлаў, судья ҳәм суд аппараты хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, басшылық лаўазымын ийелеў ушын резервтеги судьяларды қайта таярлаў, билим алыўшыларда судьялық кәсиплик мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған бағдарламаларды енгизиў солардың қатарына киреди. Сондай-ақ, болажақ судьяларда еркин, қалыс, бийғәрез, тек ғана нызамға сүйенген ҳалда ҳәм әдил ис жүргизиўдиң кәсиплик көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған интерактив оқытыў усылларын билимлендириў процесине енгизиў ҳәм басқалар нәзерде тутылған.

Пәрманға бола, Судьялар жоқары мектеби негизинде Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў академиясы шөлкемлестирилмекте. Әлбетте, бул тек ғана атама өзгериўи емес, ал суд системасы хызметкерлерин таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын пүткиллей жаңа, сапа басқышына алып шығыўға қаратылған стратегиялық реформа болып есапланады.

Атап айтқанда, академияда билимлендириў процеси "устаз-шәкирт" дәстүри тийкарында, "болажақ судьяны судья оқытады" принципине муўапық шөлкемлестириледи. Бул болса, өз гезегинде, теориялық билимлерди әмелият пенен үзликсиз байланыстырыў, жас кадрлардың судьялық жумысының нәзик тәреплерин тәжирийбели устазлардан үйрениўин тәмийинлейди.

Буннан тысқары, енди судьялық лаўазымына талабанлар академияның алты айлық кәсиплик қайта таярлаў курсларында мәмлекетлик грант тийкарында таярланады. Бул процессте кәсиплик қайта таярлаў курсларына кириўден алдын талабанлардың минсиз абырайы, ҳадаллығы ҳәм уқыбы Судьялар жоқары кеңеси тәрепинен үйрениледи. Бул болса, өз гезегинде, судьялық лаўазымына тек ғана жоқары әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе, ҳүжданлы ҳәм ҳадал талабанлардың таңлап алыныўын тәмийинлейди.

Және бир әҳмийетли тәрепи бар: судьялық лаўазымына талабанларды таярлаў дуал билимлендириў түринде, "теория - практика - имитация" принципи тийкарында шөлкемлестириледи. Дуал билим бериў усылы тыңлаўшылардың арттырған билимлерин әмелиятта қолланыў көнликпесин раўажландырыўға қаратылған болып, бир қатар сырт мәмлекетлерде кең қолланылады. Мәселен, Германияда да судьяларды таярлаўда "еки басқышлы таярлық" моделине сүйенеди. Бунда тийкарғы итибар теория ҳәм әмелияттың үзликсизлигин тәмийинлеўге қаратылады.

Пәрманға муўапық, академияға Жоқарғы судтың "Адолат" мәлимлеме системалары комплексинен пайдаланыў ҳуқықы берилмекте. Академияның профессор-оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшыларына суд әмелиятын турақлы таллаў, шығарылып атырған суд ҳүжжетлерин бақлап барыў имканияты жаратылады.

Бул болса, өз гезегинде, суд жумысын илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериў, сондай-ақ, суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылықты жетилистириў бойынша илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Буннан тысқары, пәрман тийкарында әмелий сабақлар деонтологиялық усылда шөлкемлестириледи. Онда тыңлаўшылар тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары, адвокатура, суд-экспертиза ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар менен мәкемелердиң жумысында тиккелей қатнасыўы тәмийинленеди.

Суд мәжилислерин реал ўақыт режиминде бақлаў ҳәм судьяның процессуал ҳәрекетлерин таллаў арқалы әмелий көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде кәсиплик қайта таярлаў курсларында "виртуал суд" сабақлары енгизиледи.

Пәрманның және бир әҳмийетли тәрепи болажақ судьяларда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў бойынша оқыў курсларының шөлкемлестирилетуғыны белгиленген.

Бүгинги судья тек ғана ҳуқықый билимге емес, ал санлы көнликпелерге де ийе болыўы талап етиледи. Жасалма интеллекттен хабардар судьялар ис жүргизиўде жаңа имканиятлардан пайдаланып, әдилликти тез ҳәм нәтийжели тәмийинлей алады. Бундай оқыў курсларының енгизилиўи Өзбекстанда суд системасын дүнья стандартларына сәйкеслеп раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Пәрманның өзине тән және бир тәрепи сыпатында судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлерине суд-ҳуқық тараўы нызамшылығындағы жаңалықлардың мазмун-мәнисин жеткериў, олардың кәсиплик билимлерин жетилистириў мақсетинде мәжбүрий тәжирийбе арттырыў системасы белгиленетуғынын көрсетиў мүмкин. Онда судьялар белгили бир мүддетте (еки, үш жылда) қәнигелигин арттырыў курсларынан өтиўи шәрт.

Ең әҳмийетлиси, жумыс нәтийжелилиги рейтинги төмен болған судьялар ушын гезексиз, еки ҳәптеден аз болмаған тәжирийбе арттырыў курслары енгизиледи. Бул система судьялардың өз билим ҳәм көнликпелерин турақлы жаңалап барыўын тәмийинлейди. Бул болса әдил судлаўдың жоқары сапасын кепиллеў ушын оғада әҳмийетли.

Буннан тысқары, қурамалы категориядағы жумыслар бойынша қәнигелик арттырыў курсларын шөлкемлестириў де белгиленбекте. Бул судьялардың ең қыйын ҳәм қурамалы ислерди көрип шығыўда профессионал потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Пәрманға бола, басшылық лаўазымына резервтеги судьялар ушын қайта таярлаў курслары енгизиледи. Бул болса суд системасында болажақ басшыларды системалы таярлаў, тараўда кадрлар алмасыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жәрдем береди.

Судьялардың маманлығын турақлы арттырып барыў сырт ел әмелиятында да кеңнен қолланылады. Атап айтқанда, АҚШта судьялар Миллий суд академиясы (National Judicial College) нда турақлы тәжирийбе арттырып барыўы талап етиледи.

Сондай-ақ, Қазақстанда да бул бағдарда нәтийжели система жаратылған. Мәмлекет Жоқары суды жанындағы Суд академиясы судьяларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша тийкарғы мәкеме болып есапланады.

2026/2027-оқыў жылынан баслап академияда суд искерлиги қәнигелиги бойынша әмелий магистратура бағдарламасы тийкарында оқытыў енгизиледи. Бул жоқары юридикалық билимлендириў системасында жаңа басқыш болып, теорияны әмелият пенен үйлестирген ҳалда суд ислерин жүргизиў бойынша терең билим ҳәм әмелий көнликпеге ийе, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаўға хызмет етеди.

Президентимиздиң бул пәрманы әдил судлаўды тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалардың логикалық ҳәм тәбийғый даўамы сыпатында жоқары маманлықтағы, ҳадал ҳәм әдил судьялар корпусын қәлиплестириўде шешиўши әҳмийетке ийе болып, Өзбекстанда суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин ҳәм әдиллигин буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

 

Акбар ТОШҚУЛОВ,

әдиллик министри