баннер
21 Mar 2025
19:01

    Суд тәрепинен "права"дан айырылған шахслар профилактикалық есапқа алынады

    25 Fevral 2025 459

    Депутатлар "Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығып, қабыл етти.

    Бул нызам жойбары болса күш көрсетиў ямаса зорлықтан жәбирлениў итималы жоқары болған шахсларға мәмлекетлик қорғаўды тәмийинлеў әмелиятын кеңейтиўди нәзерде тутады.

    Жойбар менен профилактикалық есапқа қойылатуғын шахслар шеңбери әмелдеги 6 категориядан 3 категорияға, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын профилактикалық есапқа алынатуғын статьялар 28 ден 12 ге азайтылып, ҳәзирги ўақытта зәрүр есапланған қосымша 2 жағдай менен толықтырылмақта.

    Атап айтқанда, шаңарақлық зорлық ислегенлиги ушын Жынаят кодексиниң 59-2-статьясына тийкарланып жуўапкершиликке тартылған және ислеген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлығы ушын суд тәрепинен транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахсларды профилактикалық есапқа алынатуғын шахслар қатарына киргизиў нәзерде тутылмақта.

    Нызам жойбарының қабыл етилиўи нәтийжесинде айырым категориядағы шахсларға олардың айыплылық мәселеси шешилместен турып ҳуқықый тәсир илажын қолланыў әмелияты бийкар етиледи.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech