Мәмлекетлик уйымлардағы көп жыллық нәтийжели мийнети, миллий әдебиятымыз ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси, өзиниң бийтәкирар таланты, көп қырлы дөретиўшилик жумысы менен халқымыздың көркемлик ой-пикирин, руўхый-интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў, өзбек әдебияты ғәзийнесин тарийхый ҳәм заманагөй темадағы жарқын шығармалар менен байытыў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мәнисин халық арасында үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жәмийетлик-сиясий турмыста белсене қатнасқаны және туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Спичрайтери Султанов Хайриддин Мадриддиновичке "Өзбекстан Республикасы халық жазыўшысы" ҳүрметли атағы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев