Жасалма интеллект технологияларын енгизиў жаңа басқышқа алып шығылады

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-октябрь күни мәмлекетлик басқарыў системасы, экономика тармақлары ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

    Жасалма интеллект технологиялары турмыстың барлық тараўларына - экономикадан баслап билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқарыўға шекем барған сайын терең кирип бармақта. Егер жылдың басында 2030-жылға барып дүнья экономикасында жасалма интеллект базарының көлеми 15 триллион долларға жетиўи прогноз етилген болса, ҳәзирги баҳалаўларға бола, бул көрсеткиш 20 триллионнан артады.

    - Бүгинги күнде инсаният жаңа цивилизация - жасалма интеллект дәўирине исенимли қәдем қоймақта. Қайсы тараўда өзгерис болса, ким биринши болып сабырлылық көрсетип, анық нәтийжеге ериссе, сол алдында болады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

    Өзбекстанда да жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл етилип, тараўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Қысқа мүддетте мәмлекетлик хызметлер, банк-қаржы системасы, жәмийетлик қәўипсизлик, транспорт сыяқлы бағдарларда 30 дан аслам тәжирийбе жойбарлары әмелге асырылды.

    Өткен жылы 2030-жылға шекем жасалма интеллектти раўажландырыў стратегиясы тастыйықланған еди. Санлы технологиялар министрлиги жанында қәнигелескен орай шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бир жылдың өзинде Өзбекстан жасалма интеллектке таярлық халықаралық индексинде 17 текшеге көтерилди ҳәм Орайлық Азияда биринши орынды ийеледи.

    Енди министрлер ҳәм тармақ басшыларының санластырыўға жуўапкер орынбасарлары бир ўақыттың өзинде жасалма интеллектти раўажландырыўға да жуўапкер болады. Қала ҳәм районларда ҳәкимлердиң санластырыў ҳәм жасалма интеллект мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымлары енгизиледи. Келеси жылдан баслап министрликлер ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын енгизиўди рейтинг баҳалаў системасы енгизиледи.

    Сырт елли экспертлердиң баҳалаўынша, Өзбекстанның жасалма интеллект тараўындағы потенциалы дерлик 10 миллиард долларды қурайды. Бул потенциалды реал имканиятларға айландырыў ҳәм дүньяда ITға талап артып атырған шараятта бәсекиге шыдамлы орын ийелеў ушын үш тийкарғы бағдар - инфраструктура, ашық мағлыўматлар ҳәм кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратыў зәрүр.

    Денсаўлықты сақлаў, энергетика, банк-қаржы, салық-бажыхана ҳәкимшилиги, транспорт, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жасалма интеллект тийкарында 100 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Оларды табыслы енгизиў ушын заманагөй есаплаў қуўатлықлары ҳәм суперкомпьютерлер зәрүр. Бирақ ҳәзирги имканиятлар тек ғана киши жойбарларды иске қосыў имканиятын береди.

    Соның ушын заманагөй суперкомпьютер кластерлери ҳәм дата-орайларды көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Быйыл 16 суперкомпьютер сатып алыў ушын 50 миллион доллар ажыратылған болса, келеси жылы бул қаржы еки есеге арттырылады.

    Тараўға инвестицияларды хошаметлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында жеңиллетилген тәртип енгизилмекте. Жасалма интеллект инфраструктурасына 100 миллион доллардан аслам инвестиция киргизген инвесторларға электр тарифи 5 цент етип белгиленип, IТ-паркке жеңилликлер бериледи ҳәм импорт үскенелер бажыхана бажысынан азат етиледи.

    Сондай-ақ, алыс аймақларды жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў мақсетинде келеси жылдан жасалма жолдас интернет операторлары жумыс баслайды. Олар жер, мүлк, пайда ҳәм қосымша қун салықларынан 5 жылға азат етиледи.

    Министрлик ҳәм уйымлардың мағлыўматлары ҳәр қыйлы серверлерде ҳәм түрли форматларда сақланып атырғаны, бул болса жасалма интеллекттиң жедел раўажланыўына тосқынлық етип атырғаны атап өтилди. Сол себепли усы жылдың өзинде 55 мағлыўматлар базасын, келеси жылы болса барлық мәлимлеме базаларын бирден-бир дата-орайға бирлестириў ўазыйпасы қойылды.

    - Жасалма интеллект бағдарламалары нәтийжели ислеўи ушын олар, бәринен бурын, өзбек тилин жетик билиўи керек,-деди Президент.

    Өзбек тилиндеги әдебиятлар, есабатлар, илимий шығармалар ҳәм басқа да материалларды санластырыў, жасалма интеллект миллий мәдениятымыз ҳәм қәдириятларымыздың өзгешеликлерин сәўлелендире алыўы ушын "Өзбек тили корпусы"н жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект бойынша кадрларды таярлаўды мектептен баслаў керек екенлигин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен жаңа оқыў жылынан баслап "Информатика" пәни бағдарламасына жасалма интеллектке бағышланған темалар киргизиледи. Оның ушын Массачусец технология институты менен биргеликте арнаўлы сабақлық ислеп шығылады.

    Жаслардың жасалма интеллект бағдарындағы идея ҳәм жойбарларын анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы кеңейтиледи. Оның шеңберинде миллий таңлаў өткерилип, ең жақсы жас қәнигелер, олардың устазлары ҳәм билимлендириў мәкемелери мүнәсип хошаметленеди.

    Мәжилисте жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект лабораторияларын шөлкемлестириў илажлары да белгиленди. "Жаңа Өзбекстан" университети негизинде "тармақ - жоқары оқыў орны - шерик" принципи тийкарында жумыс алып баратуғын жасалма интеллект кластери шөлкемлестириледи. Жасалма интеллект, финтех, киберқәўипсизлик, IТ-инжиниринг, аэрокосмослық ҳәм бултлы технологиялар бағдарлары ушын мәмлекетлик грантлар квотасы 35 процентке арттырылады.

    Студентлердиң жасалма интеллектти енгизиўге қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде ҳәр бир аймақта университет командалары арасында улыўма миллий таңлаў өткериледи. Буннан тысқары, сыйлық қоры 1 миллион доллар болған "Жасалма интеллект тараўындағы ең жақсы стартап" таңлаўы шөлкемлестириледи.

    Улыўма етип айтқанда, жетекши компаниялар, сырт елли экспертлер, сырт елдеги ўатанласларымыз, ири мәмлекетлик кәрханалар, банклер ҳәм жоқары оқыў орынларының ҳәрекетлерин бирлестириў мақсетинде "Жасалма интеллект альянсы"н шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates