Себеби, ықлым өзгериўи, ҳәр қыйлы экологиялық жағдайлар, тәбиятқа байланыслы болмаған жағдайлар суўдың қәдирин арттырып, сақлаўды талап етпекте. Сонлықтан, дүнья жәмийетшилиги, мәмлекетлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер турмыс дәрегин үнемлеўге итибар қаратып, анық мақсетли илажлар ислеп шықпақта. Себеби, келешектеги нәтийже ушын илажлар ҳәзирги ўақытта керек.

Өзбекстанда суў тамтарыслығы 2030-жылға барып 15 миллиард куб метрди қураўы мүмкин. Мәмлекетимиз аймағында пайдаланылатуғын суўдың тийкарғы бөлеги қоңсы мәмлекетлерде қәлиплесип, ағып келеди. Жыллық жаўын-шашын муғдарына қарап суўдың тек ғана 15-20 проценти елимиз аймағында пайда болады. Тилекке қарсы, соңғы жыллары регионда жаўын-шашын аз болғаны себепли ири дәрья бассейнлеринде, киши дәрья ҳәм сайларда суўдың жумсалыўы азайып бармақта. Буны елимизде бурын пайдаланылған жыллық 60-64 миллиард куб метр орнына суў тәмийнаты 51-53 миллиард куб метрге шекем азайғанынан да аңлаў қыйын емес. Бирақ, мәмлекетимиз басшысының ақылға уғрас сиясаты себепли регион мәмлекетлери арасында трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара мәплерди ҳүрмет етиў руўхында әмелге асырылмақта. Бул болса қоңсылар менен суў хожалығы тараўында жыйналып қалған көп жыллық машқалаларды аңсат шешиў имканиятын бермекте.

Қоңсы мәмлекетлер менен суў ресурсларын интеграцияласқан ҳалда басқарыў, трансшегаралық суў ресурслары ҳәм мәмлекетлераралық объектлерден биргеликте пайдаланыў мәселелеринде жедел еки ҳәм көп тәреплеме пайдалы бирге ислесиў избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, бул бағдарда өткен жылы бир неше ушырасыў өткерилип, әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Мәмлекетлер аралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясының мәжилислеринде "Әмиўдәрья" ҳәм "Сырдәрья" бассейнлеринде вегетация ҳәм гүзги-қысқы мәўсим ушын суў алыў лимитиниң бөлистирилиўи, сондай-ақ, регионда трансшегаралық суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм суў хожалығындағы әҳмийетли мәселелер додаланбақта.

2024-2025-жылларда Өзбекстан Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстан менен еки тәреплеме биргеликтеги жумысшы топарлар мәжилислеринде бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди. 2024-жыл июнь айында Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Тәжикстан арасында Баҳри тәжик суў сақлағышын 2024-жыл июнь-август айларында ислетиў бойынша үш тәреплеме протоколға қол қойылды ҳәм вегетация мәўсиминде Ташкент, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятлары ушын қосымша 1 миллиард куб метрден артық суў алыныўына ерисилди.

Сурхандәрья ўәлаятының Тәжикстан менен шегарадағы Үлкен Ҳисор каналын тазалаў ҳәм оңлаў есабынан жылына орташа 350 миллион куб метрге шекем суў алып келинетуғын болды.

Өзбекстан - Түркменстан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясы шеңберинде көрип шығылып атырған мәселелер унамлы шешилип атырғаны себепли бүгин Түйемойын суў сақлағышында 5 миллиард куб метрден артық ямаса алдынғы жылға салыстырғанда 500 миллион куб метр көп суў резерви жаратылды.

Қазақстан менен жолға қойылған тығыз байланыслар нәтийжесинде өткен жылы Айдар-Арнасай көллер системасындағы эекологиялық жағдайды жақсылаў ушын "Чордара" суў сақлағышынан 700 миллион куб метрге шамалас суў тасланған болса, 2024-жыл декабрьде Қазақстан Суў хожалығы ҳәм ирригация министрлиги менен келисимге тийкарланып Чордара суў сақлағышынан жыл басынан ҳәзирги күнге шекем 1,4 миллиард куб метрден артық суў алынды. Буннан тысқары, көллер системасына коллекторлар арқалы күнине 5,5-6 миллион куб метр, жылына орташа 3,5 миллиард куб метр суў тасланбақта.

Президентимиздиң 2024-жыл 5-январьдағы "Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып районларда "Суў жеткерип бериў хызметлери" мәмлекетлик мәкемелери шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, дийқан ҳәм фермер хожалықларының жер майданын суў менен тәмийинлеў мақсетинде деректиң суўлылық дәрежесинен келип шығып, халық депутатлары районлық кеңеслеринен суў алыў лимитин тастыйықлатыў бойынша жаңа механизм жолға қойылды.

Буннан тысқары, Салық кодексине суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиялары енгизилгенде ҳәм суўғарыў ушын алынған суў көлеми суў өлшеў үскенелери тийкарында анықланғанда суў салығы ставкасына 0,5 төменлеўши коэффициент қолланылыўы;

суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиялары енгизилгенде ямаса суўғарыў ушын алынған суў көлеми суў өлшеў үскенелери тийкарында анықланғанда суў салығы ставкасына 0,7 төменлеўши коэффициент қолланылыўы;

суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиялары енгизилмегенде ҳәм суўғарыў ушын алынған суў көлеми суў өлшеў үскенелери тийкарында анықланбағанда суў салығы ставкасына 1,1 арттырыўшы коэффициент қолланылатуғыны белгиленди.

Соннан келип шығып, аймақларда суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў ҳәм ноқатларды өлшеў үскенелери менен тәмийинлеў пайдалы екенлигин есапқа алып, бул механизмниң нәтийжеси ҳаққында фермер ҳәм дийқанлар арасында түсиник жумыслары алып барылмақта.

Өткен жылы "Суў жеткерип бериў хызметлери" мәмлекетлик мәкемелери тәрепинен тутыныўшыларға 26,2 миллиард куб метр суў жеткерип берилди. 2,3 миллиард куб метр суў шор жуўыў жумыслары ушын жумсалды. Фермер ҳәм агрокластерлерге 2023-жылы 8,6 миллиард куб метр суў ресурсларының тутыныўшылар кесиминдеги есабы салық уйымларына усынылған болса, өткен жылы бул көрсеткиш 1,7 есеге артып, 14,3 миллиард куб метрди қурады.

Және бир әҳмийетли мәселе сонда, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўға хызмет ететуғын 165,6 мың километр суўғарыў тармақлары бар. Соннан 28,7 мың километри магистрал, районлараралық ҳәм хожалықлараралық каналлар және 136,9 мың километри ишки суўғарыў тармақларының үлесине туўра келеди.

2023-жылы суў хожалығы шөлкемлери есабындағы 28,7 километр ирригация тармақларында бетон қапламалы каналлардың үлеси 10,7 километр ямаса 38 процентти қураған. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2023-жыл 29-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде суўғарыў тармақларында суў шығынларын кескин азайтыў мақсетинде 2024-жыл "Каналларды бетонлаў бойынша әҳмийетли жыл", деп жәрияланды.

2024-жылдың өзинде каналларды бетонлаў ушын мәмлекетлик бюджеттен 700,5 миллиард сум және халықаралық финанс шөлкемлериниң қарыз ҳәм грант қаржылары есабынан 19 миллион доллар тартылды. Атап айтқанда, бюджет қаржылары есабынан 437,3 километр ҳәм халықаралық финанс институтлары есабынан 48,2 километр канал бетонластырылды.

Мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткен жыл 7-ноябрьде өткерилген мәжилисте берилген тапсырмалар тийкарында 159 райондағы "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелерине тийисли суўғарыў тармақларын бетонластырыў жумыслары ушын 80 миллиард сум ажыратылды. Бүгинги күнге шекем 6,4 миллиард сумлық 9,2 мың тонна цемент өними арзан баҳада сатып алынды ҳәм 2,7 мың километр ишки суўғарыў тармақлары бетонластырылды.

Бундай реформаларға суў тутыныўшылары да бийпәрўа емес. Фермерлер ҳәм кластер кәрханалары тәрепинен де өз аймағындағы суўғарыў тармақларын бетонластырыў жумыслары жедел пәтлерде орынланбақта. Олар 2024-жылы 13,3 мың километр ишки тармақларды бетонлаған, усы жылы 15 мың километр салманы бетонлаўды режелестирген. Ҳәзирги ўақытқа шекем 6,8 мың километрде бетонластырыў жумыслары жуўмақланған. Нәтийжеде өткен жылы 8 миллиард куб метр суў ресурсының жоғалтылыўының алды алынып, тәкирар егинлерди кепилликли суў менен тәмийинлеў имканияты жаратылды.

Аўыл хожалығы суў ҳәм энергия ресурсларын ең көп тутыныўшы тараўлардан бири. Бул орында, әсиресе, насос агрегатларының үлеси үлкен. Сонлықтан, быйылғы жыл "Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы", деп жәрияланды. Бүгин елимиз бойынша 700 мың гектарға шамалас пахта ҳәм ғәлле майданы насос агрегатлары арқалы суўғарылатуғынын, бул егислик майданларын суў менен тәмийинлеў ушын насос агрегатлары тәрепинен ҳәр жылы орташа 600-700 миллион киловатт электр энергиясы жумсалыўын есапқа алсақ, насослардың нәтийжелилигин арттырыў аўыл хожалығына да, фермер ҳәм дийқанларға да үлкен пайда келтиреди.

Усы жерде соңғы бес жылда мәмлекетимизде суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў бойынша бир қатар жеңилликлер ҳәм преференциялар ажыратылғанын айрықша атап өтиў керек. Айтайық, 2019-жылға шекем суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлардың улыўма көрсеткиши 28 мың гектарды ямаса суўғарылатуғын майданларға салыстырғанда 1 процентти қураған болса, ҳәзирги ўақытта 1,9 миллион гектарға ямаса олардың улыўма көрсеткиши суўғарылатуғын жер майданына салыстырғанда 46 процентке жетти. 2017-2024-жылларда 560 мың гектарда тамшылатып, 90 мың гектарда жаўынлатып, 59 мың гектарда дискрет ҳәм басқа түрдеги суўғарыў технологиялары енгизилди, 1,1 миллион гектар жер лазер үскенеси жәрдеминде тегисленди.

Суў мәселеси тийкарғы әҳмийетке ийе болып атырған екен, оны ысырап етпеўди үгит-нәсиятлаў жумысларын бир заман да тоқтатыўға болмайды. Елимиз бойлап "Суўшылар мектеби", жоқары билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбе майданлары ҳәм фермер хожалықларының атызларында бирге ислесиў тийкарында "Дала оқыў" тәжирийбе майданлары шөлкемлестирилгени қолайлы болмақта.

Мәмлекетимизде 2030-жылға шекем бетон қапламалы каналлардың үлесин 46 процент ямаса 13,2 мың километрге, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынған жерлердиң улыўма майданын 2 миллион гектарға жеткериў мақсет етилген. Соннан келип шығып, усы жылы 1,35 триллион сум есабынан 586,5 километр канал, 21 километр лоток тармақлары, 45,3 километр жабық суўғарыў қубырлары және 167,9 километр ашық коллектор, 109,5 километр жабық дренаж тармақларында қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары орынланады. 570,4 километр магистрал каналлар ҳәм 15 мың километр ишки хожалық ирригация тармақлары бетон қапламаға өткериледи. Суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўы аўыл хожалығы егислик майданларының 55 процентине шамалас ямаса 2,4 миллион гектарға жеткериледи. Нәтийжеде, жыл жуўмағы менен ирригация системасы ҳәм суўғарыў тармақларының пайдалы жумыс коэффициенти 0,67 ден 0,68 ге шекем артады ҳәм аўыл хожалығында 10 миллиард куб метр суў үнемленеди.

Шавкат ҲАМРОЕВ,

суў хожалығы министри