Фарс ўәлаяты Иранның ең ири ҳәм экономикалық жақтан белсенди аймақларынан бири, сондай-ақ, мәмлекеттиң ең әййемги мәдений орайларынан бири есапланады. Ўәлаят тек ғана аўыл хожалығы ҳәм санаат емес, ал өнерментшилик, туризм тараўларында да үлкен потенциалға ийе. Ўәлаят аймағында 7 аэропорт, соннан 3 еўи халықаралық. Провинция Парсы қолтығына жақын жерде жайласқаны себепли Қатар, БАӘ, Кувейт ҳәм басқа да мәмлекетлер менен туризм байланысларын раўажландырыўда әҳмийетли геоэкономикалық әҳмийетке ийе.
Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов ҳәм Фарс ўәлаяты ҳәкими Ҳусайн Али Амирий басшылығында делегациялар арасында кеңейтилген еки тәреплеме сөйлесиўлер болып өтти. Сондай-ақ, туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң қатнасыўында өз алдына В2В ушырасыўлары өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Иран Ислам Республикасы арасындағы қатнасықлар Президент Шавкат Мирзиёев, Иранның Жоқары руўхый жетекшиси аятолла Сайид Али Хоманеий ҳәм Президент Масуд Пезешкианның сиясий ерк-ықрары ҳәм дослық сөйлесиўи себепли жаңа, стратегиялық басқышқа көтерилгени атап өтилди. Тәреплер аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, туризм, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық қатнасықлар тараўларында әмелий байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сөйлесиўлерде туризм, санаат, таў-кән, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, саўда, логистика, транспорт, тоқымашылық, билимлендириў, медицина, фармацевтика ҳәм саламатландырыў тараўларында бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Тәреплер туризм, жоқары билимлендириў ҳәм медицина тараўларындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў имканиятларына айрықша итибар қаратты. Сөйлесиўлер жуўмағында Сурхандәрья ўәлаяты ҳәм Фарс провинциясы арасында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша меморандумға қол қойылды.






