Сурхандәрьяда дәслепки қаўынлар писти

    11 мамыр 2025 1049

    Мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың 2-март күни егилген туқымлардан бүгинги күнге келип 7-8 тонна әтирапында өним алынбақта.

    Атап өтилиўинше, елимизде аўыл хожалығы өнимлерин ерте жетистириў бойынша жетекши аймақлардан бири есапланған Сурхандәрья ўәлаятында гезектеги мәўсимниң дәслепки қаўынлары писип жетилди.

    Ҳәр жылы ерте бәҳәрден баслап мәмлекетимиз базарларын түрли овош ҳәм палыз өнимлери менен тәмийинлеп киятырған ўәлаят дийқанлары быйылғы жылы да жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге ериспекте.

    Атап айтқанда, Шерабад районының "Нуртепа" мәҳәллесинде жайласқан "Ёрмат Ботиров" ЖШЖ тәрепинен 8 гектар майданда, әнар атызларының қатарларына егилген "Дакара" сортлы қаўынлар писип, жыйын-теримге таяр болды.

    Ҳәзирги ўақытта писип жетилген қаўынлар жергиликли базарларға шығарылмақта ҳәм бир ўақыттың өзинде экспорт процесслери де баслап жиберилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates