Ушырасыўда Өзбекстан делегациясына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев, Венгрия делегациясына болса OTP Green компаниясының бас директоры Гергей Покош басшылық етти.
Сөйлесиўде Өзбекстан-Венгрия бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери, Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар ҳәм мәмлекетимизде сырт ел бизнесин қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша пикир алысылды.
Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны, оған соңғы жылларда исенимге тийкарланған жоқары дәрежедеги қатнасықлар жәрдем берип атырғаны айрықша атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыўдың тийкарғы позицияларын тоқымашылық, азық-аўқат өнимлери, фармацевтика, механикалық ҳәм электр үскенелери ҳәм басқа да товарлар қурайды.
2024-жыл 1-октябрь жағдайына бола, Өзбекстанда венгрия капиталы қатнасыўындағы 12 кәрхана, соның ишинде, 7 қоспа ҳәм 5 еўи 100 процент сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрхана жумыс алып бармақта.
Инвестициялық жойбарлар портфелине Венгрияның ОТР топарының қурамына киретуғын ОТР банки тәрепинен Ипотека-банкти меншиклестириў, Meditop Pharmaceuticals пенен жоқары технологиялы фармацевтика кәрханасын шөлкемлестириў ҳәм басқа да жойбарлар киреди.
Компанияның Сырдәрья ўәлаятында қусшылық кластерин шөлкемлестириў бойынша ири жойбарды әмелге асырыў бағдарындағы гезектеги илажлары конструктивлик тәризде додаланды.
Биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслардың деталларын додалап, тәреплер ҳүжжетлер алмасыў мәресимине өтти. Атап айтқанда, Инвестициялық келисим, Сырдәрья ўәлаятында жер участкасын ижараға бериў шәртнамасы, Өзбекстан тиккелей инвестициялар қоры менен шөлкемлестириў ҳәм устав шәртнамаларына қол қойылды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
Мағлыўмат ушын: «ZA Invest» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде кластер аймағында 130 гектар майданда 8 қусшылық фабрикасы, инкубатор, сойыў ҳәм қайта ислеў цехлары, азықлық ислеп шығарыў кәрханасы, музлатқыш ҳәм ҳәкимшилик имаратлар қурылады. Жойбардың қуўатлылығы жылына 16 миллион дана бройлер таўықлар ҳәм 120 мың тонна аралас жем ислеп шығарыўды қурайды.
Жойбар «OTP Green Fund» тәрепинен қаржыландырылады ҳәм «OTP Group» қурамына киретуғын «ZA-Invest Poultry» жойбарлаў компаниясы тәрепинен әмелге асырылады.