Кейинги жыллары Сырдәрьяда энергетика, қурылыс, исбилерменлик бир қанша раўажланды. Өткен жылы мәмлекетимиз басшысының Сайхунабад районына сапары ўақтында қыйтақ жер жетистириў ҳәм киши жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа тәжирийбе жаратылды.
Бирақ баслама азлығы себепли санаат, саўда ҳәм хызметлер раўажланыўдан артта қалып кетпекте. Атап айтқанда, Сырдәрьяда хызмет көрсетиў тараўының республикадағы үлеси ең төмен. Кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен көп. 22 мың пуқара жумыссыз.
Бүгин дүньяда экономикалық шараятлар тез өзгермекте. Бундай жағдайда изленип, үйренип, ишки имканиятларды толық иске қосқан аймақ утады.
Усы мақсетте Сырдәрья ўәлаятында инвестицияларды көбейтип, санаат ҳәм бизнес орталығын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў, сондай-ақ, ўәлаяттың транзит потенциалынан үнемли пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығылған.
Мәселен, дерлик 900 гектар жер майданында санаат зоналарының шөлкемлестирилиўи мөлшерленген. Бул 5 миллиард доллар инвестицияға ҳәм 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орнына тийкар болады. Жойбарлар Сырдәрья, Ширин, Боёвут, Ховос, Мирзаобод, Гүлистан, Ақалтын ҳәм Сардоба қалаларында жайласады.
Ўәлаят географиялық жақтан Өзбекстанның орайлық бөлиминде, бир неше халықаралық автомагистрал кесилиспесинде жайласқан болып, бир суткада 311 мың транспорт қураллары өтеди. Соған бола, исбилерменлер бул жоллар бойында жүзлеген саўда шақапшаларын ашыўға таяр екенлигин билдирген.
Усындай 500 мың квадрат метр саўда-сервис майданын шөлкемлестирип, 50 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў имканияты бар.
Жер-суўға бай бул аймақта пахта, салы, мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў ушын үлкен потенциал бар. Соның ушын картошка, пияз, ерик, смородина ҳәм шийе майданлары кеңейтиледи. Қыйтақ жер, атыз ҳәм каналлардың шетиндеги 38 мың гектарға қайта ислеўшилер ҳәм экспортёрлар бириктириледи.
8 райондағы төмен рентабелли 25 мың гектар жер салы жетистириўге өткериледи. Салыгершилик кәрханаларын қоллап-қуўатлаў ушын өнимниң 50 процентин экспорт етиўге рухсат бериледи.
Ўәлаятта мыңнан аслам квартираның қурылғанына елиў жылдан асқан. Реновация бағдарламасы тийкарында, олардың орнында 15 мың квартиралы заманагөй турақ жайлардың қурылысы нәзерде тутылған. Бул бағдарда Марғилан қаласы, Дослық районындағы унамлы тәжирийбелер үйрениледи.
Жаңа квартиралар арзан болыўы ушын девелоперлерге салық, бажыхана жеңилликлери бериледи. Сондай-ақ, ўәлаяттағы жол, электр, турақ жай, ирригация, бақша, мектеп ҳәм басқа да социаллық объектлерди жаңалаўға 100 миллион доллар қаратылады.
Гүлистан қаласын үзликсиз ишимлик суўы менен тәмийинлеўге зәрүр қаржы ажыратыў ҳәм бул жумысларды 2025-жыл 1-июньға шекем жуўмақлаў тапсырылды. Сондай-ақ, Гүлистан ҳәм Ширин қалаларында урбанизация процесслерин жеделлестириў мақсетинде олардың аймағын кеңейтиў усынысы мақулланды.
Улыўма, бундай имканиятлар есабынан усы жылы 2 миллиард доллар инвестиция тартып, экспортты 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленди. Буның нәтийжесинде 16 мыңнан аслам жаңа жумыс орны ашылатуғыны, кәмбағаллық дәрежеси 7,4 процентке түсиўи атап өтилди.