Мәмлекетимиз басшысы дәслеп суў хожалығы ушын локализацияланған техника ҳәм үскенелердиң презентациясы менен танысты.

Суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм заманагөй ирригация системаларын өзимизде ислеп шығарыў қәрежетлерди азайтыў, климат өзгериўи шараятында суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, фермерлер ҳәм халықтың талапларын жедел қанаатландырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Президентимиз бул бағдарға және де итибар қаратыў, илимий бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

"Қыйтақ жер мектеби" халыққа өз қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў, жоқары дәраматлы егинлерди енгизиў, өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаўдың заманагөй усылларын үйретиўге қәнигелескен. Мәкеме өз жумысын банклердиң қаржылай жәрдеминде әмелге асырады.

Ең әҳмийетлиси, бул жерде жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға жәрдемлеседи. Аўыл хожалығының илимий тийкарлары, жоқары дәраматлы егинлерди жетистириў технологиялары, қыйтақ жерди раўажландырыўдың заманагөй усыллары әмелий жақтан үйретиледи.

Инновациялық мектеп Термиз, Музрабат, Қызырық, Бандихан, Ангор ҳәм Жарқорған районларын қамтып алған. Оның қурамында оқыў имараты, ыссыхана ҳәм ҳәр бири 3 гектардан оқыў-тәжирийбе майданшасы бар.

Ыссыханада банан, папая, розмарин, лаванда, лимон, әнжир, брокколи, болгар бурышы ҳәм Сурхандәрья шараятына бейимлестирилген басқа да егинлер жетистирилмекте. Буннан тысқары, терек ҳәм гүл нәллери жетистириў жолға қойылып, тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.

Мектепте Сурхандәрья ўәлаяты шараятында жылына үш мәрте өним алыў әмелияты үйретиледи. Оқыў процесине илимпазлар, қәнигелер, тәжирийбели дийқанлар тартылған.

Бүгинги күнге шекем 1 мың 300 ге шамалас жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары өз қыйтақ жери ямаса ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланып, арнаўлы курсларды тамамлап, өзин-өзи бәнт еткен. Ҳәким жәрдемшилери ҳәр айда 220 қыйтақ жер ҳәм ижара жер ийелерин оқыўға жибереди - жылына 2 мың 700 ге шекем. Тыңлаўшылар ушын оқыў қәрежетлери жоллама ямаса ваучер системасы тийкарында қапланады.

Курс шеңберинде қатнасыўшыларға жоқары дәраматлы егинлер жетистириў ҳәм бир сотых жерден орташа 10-15 миллион сум дәрамат алыў методикасы әмелиятта көрсетиледи. "Агростар" кәрханалары болса тыңлаўшыларды туқым ҳәм нәл менен тәмийинлеп, жетистирилген өнимлерди сатып алыўды шөлкемлестирмекте.

Мәмлекетимиз басшысы мектепте қыйтақ жерден үш мәрте өним алыў әмелияты, санаатластырылған бағлар ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялар презентациясы менен танысты, мийўе-овошларды қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланатуғын исбилерменлер менен сөйлесип, олардың итибарын қайта ислеўди көбейтиў ҳәм қосымша қун жаратыў, аймақлар ушын жаңа егинлер, соның ишинде, цитрус ҳәм тропикалық мийўелерди өзлестириў әҳмийетли екенлигине қаратты.