Бүгинги күнде елимизде 50 мың километрлик суўғарыў тармақлары болып, 1,6 мың насос станциясы ҳәм 10 мыңнан аслам суў объектлери жумыс алып бармақта. Кейинги жыллары елимизде суў хожалығы системасын реформалаў, ирригация инфраструктурасын жаңалаў ҳәм суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў бағдарында избе-из илажлар көрилмекте. Бирақ төменги буўындағы басқарыў системасында, соның ишинде, хызмет көрсетиў нәтийжелилиги, есап-санақлардың ашық-айдынлығы ҳәм финанслық еркинлик пенен байланыслы еле шешимин күтип атырған машқалалы мәселелер бар.
Презентацияда тараўда әмелге асырылып атырған санластырыў процесслерин тереңлестириў ҳәм хызмет көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған илажлар додаланды.
Жаңа қатнас тийкарында суў есабын жүргизиў толық электрон түрге өткериледи. "Суў есабы" мәлимлеме платформасы арқалы пайдаланылған суў муғдары анық есапланады ҳәм тутыныўшыларға электрон тәризде мәлим етиледи. Бул система есап-санақларда инсан факторын азайтады, артықша қағазпазлықты сапластырады ҳәм ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырады.
Мағлыўматлардың анықлығын тәмийинлеў мақсетинде "Санлы аўыл хожалығы" платформасы менен интеграция жолға қойылады.
Усы арқалы суўғарылатуғын жерлер, егин түрлери ҳәм суў лимитлери ҳаққындағы мағлыўматлар автомат түрде жаңаланып барады.
Сондай-ақ, тараўдағы барлық мағлыўматларды бир системада жыйнаў ушын Суў хожалығы министрлигиниң "Суў хожалығын санластырыў ҳәм мониторинг орайы" шөлкемлестириледи. Орай суў балансы, насос станциялары ҳәм суў сарпы бойынша мағлыўматларды таллайды, қарар қабыл етиў процесслерин автоматластырыў имканиятын жаратады.
Буннан былай суў хожалығы тараўын санластырыў мәселелери менен айрықша министрдиң орынбасары шуғылланады.
Тараўда "Мәмлекетлик суў кадастры" мәлимлеме системасы жаратылады. Ол арқалы суў ресурсларына байланыслы мағлыўматлар тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан жыйналып, бирден-бир базада қәлиплестириледи. Бул, өз гезегинде, мағлыўмат алмасыў процесин әпиўайыластырып, есабатларды қағазда жүргизиў әмелиятын қысқартады. "Мәмлекетлик суў кадастры" системасын 2026-жыл апрельге шекем толық иске қосыў режелестирилген.
Төменги буўында хызмет көрсетиў системасын жетилистириў мәселелери де додаланды. Талап ҳәм мәўсимлик шараяттан келип шығып, хызметлерде штатлардың өзгериўшең басқарыў системасы енгизиледи. Хызметлердиң нәтийжелилиги KPI көрсеткишлери тийкарында баҳаланады.
2026-жылдан баслап хызметкерлерди хошаметлеў системасы әмелий нәтийжелерге байланыслы болады, яғный жеткерип берилген суў муғдары ҳәм пайдаланылған көлем арасындағы айырмашылық тийкарында баҳаланады.
Мәкемелердиң финанслық еркинлигин арттырыў мақсетинде суў салығынан түскен қаржылардың 40 процентин өзиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге бағдарлаўына рухсат бериледи.
Суў хожалығы насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыў әмелияты кеңейтиледи. 2026-жылы Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаятларындағы насос станцияларының 50 проценти, 2027-жылға барып болса Наманган ўәлаятындағы барлық насос станцияларын жеке меншик шерикликке бериў режелестирилмекте.
Бул бағдарда Наманган ўәлаятының Чортоқ районында "бир насос - бир система" принципи тийкарында "Чортоқ тәжирийбеси" әмелге асырылады. Онда жеке меншик шерик тутыныўшыларды суў лимити шеңберинде суў менен тәмийинлейди, насосларға байланған майданлардан есапланған суў салығының 40 проценти жеке меншик шерикке төлеп бериледи. Усы қаржылар есабынан суў есабын автоматластырыў ҳәм насос станцияларын басқышпа-басқыш модернизациялаў жолға қойылады.
Тәжирийбениң мазмун-мәниси ҳәм абзаллықларын дийқан ҳәм фермерлерге жеткериў мақсетинде "Суўшылар мектеби" жойбары шеңберинде 2025-2026-жылларда ҳәр бир районда биреўден "оқыў дала-шертеги" шөлкемлестирилип, жәми 141 районда 3,5 мың гектар майдан қамтып алынады.
Президентимиз жуўапкерлерге тараўда санластырыўды жеделлестириў, есап-санақ процесслерин толық автоматластырыў, төменги буўында хызмет көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў ҳәм хызметкерлердиң жуўапкершилигин күшейтиў бойынша анық тапсырмалар берди ҳәм бул бағдардағы тийисли ҳүжжетлерге қол қойды.











