Қарар менен тастыйықланған бағдарламаның тийкарғы мақсетли көрсеткишлери:
ирригация тармақларының 2 551 км бөлегин реконструкциялаў, усы мақсетлер ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен кеминде 1,3 триллион сум ажыратыў ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржыларынан 300 миллион АҚШ долларын өзлестириў;
Суў хожалығы министрлиги балансындағы насос станцияларының ескирген 562 насос ҳәм 578 электр двигателлерин заманагөй энергия үнемлейтуғынларына алмастырыў, олардың жыллық электр энергиясының жумсалыўын 6,8 млрд кВт/сааттан 6,2 млрд кВт/саатқа шекем азайтыў;
суў тәмийнаты дәрежеси төмен болған суўғарылатуғын майданлардың көлемин 424 мың гектардан 276 мың гектарға шекем азайтыў;
2025-жылы тәжирийбе түринде Суў хожалығы министрлиги системасындағы 15 насос станциясында альтернатив энергия дәреклери ҳәм энергия үнемлеўши қурылмаларды орнатыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў сыяқлылардан ибарат.
Сондай-ақ,
суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлардың көлемин 2,1 миллион гектардан 3,5 миллион гектарға, соннан тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилген майданлардың көлемин 560 мың гектардан 853 мың гектарға жеткериў;
шорланған майданлар көлемин 1 898 мың гектардан 1 732 мың гектарға, соның ишинде, орташа ҳәм күшли шорланған майданлар көлемин 578 мың гектардан 460 мың гектарға қысқартыў;
изей суўлар дәрежеси машқалалы жағдайда (0-2 метр) болған суўғарылатуғын жер майданларының көлемин 893 мың гектардан 775 мың гектарға азайтыў;
ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў арқалы аўыл хожалығында пайдаланыўдан шыққан жәми 67 мың гектар суўғарылатуғын жер майданын қайта пайдаланыўға киргизиў ўазыйпалары да бағдарламада белгиленген.
Қарарға муўапық, республикада суўдың жумсалыўы есабы ҳәм есабатының толық жүргизилиўин тәмийинлеў мақсетинде әҳмийетли суў хожалығы объектлеринде суўдың бирден-бир онлайн есабын жүргизиў системасы енгизиледи. Онда 2025-2026-жылларда мәмлекет шегарасында алынып атырған суў муғдарын реал ўақыт режиминде бақлаў имканиятын жарататуғын кеминде 300 санлы суў өлшеў қурылмасы орнатылады ҳәм орайласқан мағлыўматлар базасына интеграцияланады.
12 080 мелиоратив бақлаў қудығында санлы технологиялар тийкарында суўдың жумсалыў есабы мониторинги жолға қойылады ҳәм системадағы 1 750 насос агрегатының суўдың жумсалыў есабы онлайн режимде мониторинг етиледи.
12 ири суў хожалығы объектин санлы технологиялар тийкарында автоматластырылған басқарыўға өткериў және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде суў хожалығы объектлерин жеке меншик сектор басқарыўына бериў арқалы жеке меншик шерикликке берилген объектлерде қәрежетлерди 15 процентке азайтыў илажлары көриледи.
Қарар менен Суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қорғаў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық суў кеңесиниң қурамы ҳәм кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары тастыйықланды.
Суў хожалығы министрлиги 2025-жыл 1-октябрьге шекем:
Энергетика министрлиги менен биргеликте 2026-2028-жылларда кеминде 20 нан насос станциясына альтернатив энергия дәреклери қурылмаларын (қуяш панеллери) орнатыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизеди.
Сондай-ақ, Суў хожалығы министрлиги ҳәр шеректе Бағдарламаның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық кеңеслерине мәлимлеме берип барады. Бул мәлимлеме кең жәмийетшилик ушын ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
Программадан күтилетуғын нәтийже:
бетон қапламалы каналлардың үлеси 39 проценттен 47 процентке шекем арттырылады, онда бетон қапламалы каналлардың узынлығы 13,5 мың километрге шекем жеткериледи;
ирригация системасы ҳәм суўғарыў тармақларының пайдалы жумыс коэффициенти 0,67 ден 0,75 ке шекем арттырылады;
мелиорация илажларын әмелге асырыў арқалы жәми шорланған майданлар 1 898 мың гектардан 1 732 мың гектарға, соның ишинде, орташа ҳәм күшли дәрежеде шорланған жерлер 578 мың гектардан 460 мың гектарға қысқартылады.
Көрилген илажлар нәтийжесинде республикада усы жылы - 10 млрд куб метр, 2026-жылы - 12 млрд куб метр, 2027-жылы - 13 млрд куб метр, 2028-жылы - 14 млрд куб метр суў үнемленеди.









