Сөйлесиўде ҳәзирги ўақытта барған сайын қатаң түс алып атырған суў жетиспеўшилиги ҳәм турмыслық суўды қәстерлеп сақлаў темасы көтерилди. Суў тиришилик ушын қаншелли зәрүр болса, оны үнемлеў де соншелли әҳмийетли болып бармақта. Сөйлесиў, пикирлесиў, ушырасыў қандай көринисте болыўына қарамастан, теманың мазмуны өзгермейди: суўды ҳәр қашанғыдан да қәдирлеўимиз, үнемлеўимиз керек.
Мәўсим басланбақта, суў жетерли ме?
Аўыл хожалығында суўғарыў мәўсими апрельден басланады. Соның ушын, дәслеп "Быйыл дийқанларымыз ушын қалай болмақта? Мәўсимде суў жетерли бола ма?" деген сораўға жуўап берилди.
Қәнигелердиң айтыўынша, 2025-жылдың 18-мартына шекем елимиздеги суў сақлағышларға жәми 13 миллиард куб метр суў жыйналған. Салыстыратуғын болсақ, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20 процентке көп. Бирақ, Гидрометеорология хызмети агентлигиниң анализи ҳәм дәслепки баҳалаўына бола, Әмиўдәря ҳәм Сырдәрья бассейнлеринде 2025-жыл суўғарыў мәўсиминде күтилип атырған суў муғдары нормаға салыстырғанда аз болады. Атап айтқанда, Қашқадәрьяда 65-75 процент, Сурхандәрья, Қарадәрья, Шыршық ҳәм Аҳангаранда 70-80 процент, Зарафшан ҳәм Ферғана ойпатлығының арқасындағы дәрьяларда 75-85 процент, Вахш ҳәм Нарын дәрьясында 90-100 процент, Ферғана ойпатлығының қубласындағы дәрьяларда 95-105 процент нормадан жоқары болыўы күтилмекте.
Ҳәзирги ўақытта елимизде ҳаўа температурасы мәўсимге салыстырғанда жоқары. Бул топырақта ығаллықтың азайыўына алып келеди. Суўға талап болса артады. Демек, оннан және де ақылға уғрас, әдил пайдаланыў зәрүр.
Өзине тән тәжирийбе
Мәмлекетимизде суўды үнемлеў бойынша көрилип атырған илажлар жыл сайын кеңейип бармақта. Бул - дәўир зәрүрлиги. Себеби Өзбекстан аўыл хожалығы ушын жумсалатуғын суўдың тийкарғы бөлегин қоңсы мәмлекетлерден алады. Жыллық жаўын-шашын муғдарына қарап 15-20 процент суў мәмлекетимиз аймағында пайда болады.
Елимизде суў тамтарыслығы 2030-жылға барып 15 миллиард куб метрди қураў итималы бар. Бурын пайдаланылған жыллық 60-64 миллиард куб метр орнына суў тәмийнаты бүгинге келип 51-53 миллиард куб метрге шекем азайған. Экологиялық жағдай, ықлым өзгериўи ҳәм басқа да факторлар суўдан келисимли пайдаланыўды талап етеди. Сонлықтан, соңғы жыллары регион мәмлекетлери арасында трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара мәплерди ҳүрмет етиў руўхында әмелге асырылмақта. Бул болса қоңсылар менен суў хожалығы тараўында жыйналып қалған көп жыллық машқалаларды аңсат шешиў имканиятын бермекте. Яғный суў кирип келиўи ҳәм жумсалыўы жыл сайын азайып атырғаны ҳақыйқат. Солай екен, оның орнын қалай толтырыў мүмкин? Әлбетте, үнемлеп. Каналларды бетонлаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, тараўды санластырыў, суўды нәтийжели басқарыў есабынан 2025-жылы 10 миллиард куб метр суўды үнемлеў нәзерде тутылған.
Президентимиздиң 2025-жыл 30-январьдағы "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманында суў хожалығы тараўына байланыслы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген. Соның ишинде, оған бола, мың километр канал бетон қапламаға өткерилип, суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўын 1,6 миллион гектарға жеткериў есабынан жылына қосымша 2,5 миллиард метр куб суўды үнемлеўге ерисиледи.
Насос станцияларында тозған насос ҳәм электр двигательлерди заманагөй, энергияны үнемлейтуғынларына алмастырыў арқалы электр энергиясынан пайдаланыў 300 миллион киловаттқа шекем азайтылады. Ирригация ҳәм мелиорация системалары объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў менен 390 мың гектар аўыл хожалығы жериниң суў тәмийнаты жақсыланады.
Буннан тысқары, пәрман менен "Өзбекстан - 2030" стратегиясының Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдары бойынша 2025-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси тастыйықланды.
Быйыл 500 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатылады. Соннан 75 мың гектарында тамшылатып, 35 мың гектарында жаўынлатып суўғарыў жолға қойылады.
Үнемли технологияларды енгизиў жумыслары төменлеп атыр ма?
Суў хожалығы министри Шавкат Ҳамраевтың айтыўынша, бүгинги нәтийжелер, таллаўлардан келип шығылса, мәмлекетимизде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў дәрежеси төмен емес.
2019-жылға шекем бундай технологиялар енгизилген майданлардың улыўма көрсеткиши 28 мың гектарды ямаса суўғарылатуғын майданларға салыстырғанда 1 процентти қураған. Өткен дәўирде 563 мың гектарда тамшылатып, 92 мың гектарда жаўынлатып, 59 мың гектарда дискрет ҳәм 174 мың гектарда басқа түрдеги суўғарыў технологиялары енгизилди және 1,2 миллион гектар жер лазер үскенеси жәрдеминде тегисленди. Бүгин жәми 1,9 миллион гектарға ямаса олардың улыўма көрсеткиши суўғарылатуғын жер майданына салыстырғанда 46 процентке жеткерилди.
Сондай-ақ, ҳәзир жерди суўғарыўға мәмлекетлик бюджет есабынан 1700 ге шамалас насос станциясы ислетилип атыр. Олар тәрепинен 2017-жылы 8,3 миллиард киловатт саат электр энергиясы жумсалған болса, үнемли технологиялар есабынан өткен жылы 6,5 миллиард киловатт саатқа шекем азайтылды. Жыллық лимитке салыстырғанда 300 миллион, 2017-жылға салыстырғанда 1,8 миллиард киловатт саат электр энергиясы үнемленди.
Улыўма, Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясында 2030-жылға шекем аўыл хожалығы егинлери жетистирилетуғын майданларда толық суўды үнемлейтуғын технологиялардың енгизилиўи белгилеп берилген. Бул ўазыйпа үш-төрт жыл ишинде орынланады.
Буннан тысқары, Өзбекстан өзиниң суў кодексине ийе болмақта. Сенат бул кодексти мақуллады. Бул ҳәрекетлер мәмлекетимизде суўды үнемлеў, сақлаў, нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқарыў жумыслары буннан кейин де избе-из даўам еттирилетуғынынан дәрек береди. Бул дурыс жол. Себеби суў мәселеси мәўсимлик, бир яки еки жыллық тема емес. Ол бәрқулла керек ҳәм оны қәстерлеп сақлаў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болыўы шәрт.
Дилшод УЛУҒМУРОДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы