Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң хабар бериўинше, бул лаўазымлы шахслар есик ҳәм рамалар ислеп шығарыўшы шаңарақлық кәрханада тексериў өткерип, кәрхана ҳәр айда аз муғдарда салық төлеп киятырғаны себепли төленбеген салықлар ушын жәрийма қолланбаў ушын 10 миллион сум талап еткен.
МҚХның Ташкент қаласы бойынша басқармасы ҳәм Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти менен биргеликте өткерилген оператив илажда салықшылар соралған пул қаржысын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.
Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта оларға Жынаят кодексиниң 210-статьясы (пара алыў) 2-бөлими "в", "г" бәнтлери менен жынаят иси қозғатылып, "қамаққа алыў" қәўипсизлик илажы қолланылды. Тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
