"Тажен" ҳәм "Даўыт-ата" шегара өтиў пунктиндеги шеклеў 1-сентябрьге шекем созылды

    19 мамыр 2025 846

    Қазақстан Республикасының "Тажен" (Өзбекстан Республикасының "Даўыт-ата") шегара өтиў пункти арқалы ҳәрекетлениў шеклеўи усы жылдың 1-февраль сәнесинен енгизилген еди.

    Жеке шахслар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм руқсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан аспаған жүк автомобильлери ҳәрекети бойынша бул шеклеўлер және усы жылдың 1-сентябрине шекем создырылды.

    Бул ҳаққында Бажыхана комитети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, шеклеў мүддетиниң создырылыўы бул өтиў пунктлеринде инженерлик тармақларын тартыў, имаратларды капитал оңлаў, металл конструкцияларды орнатыў сыяқлы кең көлемли жумыслар алып барылып атырғаны себепли Қазақстан Республикасы тәрепинен физикалық шахслар ҳәм транспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын жеделлестириў мақсетинде енгизилмекте.

    Рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артық болған жүк автомобильлери "Тажен" (Қазақстан) - "Даўыт ата" (Өзбекстан) шегара өтиў пункти арқалы ҳәрекетти әмелге асырыўы мүмкин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates