Билимлендириў өзбек тилинде болмаған мектеп питкериўшилери енди мәмлекетлик тил пәнинен мәжбүрий имтихан тапсырады.
Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң "Улыўма орта билим алыўшылардың жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы ҳаққындағы режеге киргизилген өзгерис ҳәм қосымша ҳаққында"ғы буйрығында белгиленди.
Ҳүжжетке муўапық, питкериўши классларда жуўмақлаўшы аттестация өткерилетуғын пәнлердиң дизими, түри ҳәм мүддетлери ҳәр оқыў жылында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланады. Онда бул дизимге билимлендириў тили өзбек болмаған мектеплер ушын мәмлекетлик тил мәжбүрий пәнлер блогына киргизиледи.
Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация шеңберинде 11-класс питкериўшилери мәжбүрий ҳәм таңлаў пәнлери бойынша жуўмақлаўшы аттестациядан өткериледи. Онда таңлаў пәнлери дизиминен питкериўши жоқары билимлендириў шөлкемине кириў имтиханында өзи таңлаған бағдарға сәйкес пәнлерди таңлаўы мүмкин.
Аттестация пәнлери ҳәм формалары:
9-класс питкериўшилери:
ана тили ҳәм әдебияты пәнинен (тәлим өзбек тилинде алып барылатуғын класслар ушын) - жазба;
мәмлекетлик тил (тәлим тили өзбек тили болмаған класслар ушын) пәнинен - жазба;
математика пәнинен - жазба;
Өзбекстан тарийхы пәнинен - жазба/аўызеки;
дене тәрбиясы пәнинен - әмелий формада өткериледи.
11-класс питкериўшилери:
ана тили ҳәм әдебияты пәнинен (тәлим өзбек тилинде алып барылатуғын класслар ушын) - жазба;
мәмлекетлик тилден (билимлендириў тили өзбек тили болмаған класслар ушын) - жазба;
математика (тийкарғы) / математика (тереңлестирилген) пәнинен - жазба;
тарийх пәнинен - жазба.
Шет тиллери ямаса улыўма билим бериў пәнлери бойынша миллий ямаса халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болған оқыўшылар, усы пәннен имтихан тапсырыўдан азат етиледи. Сертификатлар дизими министрлик тәрепинен тастыйықланады.
Жуўмақлаўшы аттестацияда бақлаў кеңеси ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери жәмийетшилик тийкарында бақлаўшы сыпатында қатнасыўы мүмкин.
Шет тиллери ҳәм улыўма билим бериў пәнлери бойынша миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизими Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланады.









